Өзбекстан ҳәм Сербия: исенимге тийкарланған сөйлесиў нәтийжесинде бирге ислесиў пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди

Олий Мажлис Сенатына Сербия Республикасы Халық мәжилисиниң “Сербия – Өзбекстан” парламентлераралық бирге ислесиў топарының баслығы Александр Маркович келди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда кейинги жылларда мәмлекетлеримиз басшыларының өз-ара исенимге тийкарланған ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиўи нәтийжесинде еки тәреплеме қатнасықлар пүткиллей жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди.
А.Маркович елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайы ҳәм тәсири барған сайын артып атырғанын жоқары баҳалады.
Тәреплер саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық, билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, парламентлераралық байланысларды жеделлестириў мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысты.

Бул процессте парламентлеримиз арасында қол қойылған Келисим меморандумы әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет ететуғыны атап өтилди.
Бул ҳүжжет усы жылы июнь айының басында Өзбекстан Сенатының Баслығы басшылығындағы парламент делегациясының Сербияға рәсмий сапары шеңберинде қол қойылғанын атап өтиў керек. Бул сапар етиў даўамында делегация Сербия Республикасы Президенти, Халық мәжилиси Баслығы ҳәм Бас министрдиң орынбасары менен ушырасыўлар өткерген.
Сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм Сербия арасындағы дослық қатнасықлары ҳәм өз-ара исеним руўхын және де беккемлеў, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў ҳәм оларды нызамшылық жолы менен тәмийинлеў бойынша парламентлердиң ҳәрекетлерин муўапықластырыў, тараўлар бойынша байланысларды раўажландырыўға қаратылған басламаларды парламент дипломатиясы арқалы ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлигине итибар қаратылды.
“Өзбекстан – Сербия” ҳәм “Сербия – Өзбекстан” парламентлераралық дослық топарлары арасындағы бирге ислесиў бойынша өз алдына “Жол картасы”н ислеп шығыўға келисип алынды.
Бул ҳүжжет парламентлераралық қарым-қатнасты және де жеделлестириў, тараўлық комитетлер арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, нызам дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, еки мәмлекет парламентарийлериниң өз-ара сапарлары ҳәм турақлы әмелий ушырасыўларын шөлкемлестириўди нәзерде тутады.
Тәреплер халықаралық парламент шөлкемлери шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге таяр екенин тастыйықлап, жаслар парламенти ҳәм парламент дипломатиясы бағдарында бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екенин билдирди.
Усы мүнәсибет пенен Сербия парламенти ағзалары 2026-жыл 4-6-сентябрь күнлери Самарқанд қаласында өткерилетуғын Парламентлераралық аўқам жас парламент ағзаларының 12-Глобаллық конференциясына қатнасыўға мирәт етилди.
ӨзА