Албания Президенти Өзбекстанның илимий ғәзийнесин көзден өткерди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола елимизде рәсмий сапар менен болып турған Албания Республикасы Президенти Байрам Бегай Ташкент қаласындағы Ислам цивилизациясы орайына барды.
Жоқары мәртебели мийман менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов ҳәм басқа да рәсмийлер бирге болды.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қурылған бул орай ислам мәденияты ҳәм илиминиң алтын дәўирин өзинде жәмлеген ири илимий-ағартыўшылық платформа болып есапланады. Бул жерде сақланып атырған бийбаҳа дереклер ҳәм қолжазбалар, дүнья цивилизациясының раўажланыўына тийкар жаратқан фундаментал изертлеўлер халықаралық илимий жәмийетшилик ушын бағдарлаўшы болып хызмет етеди.
Жақында бул комплекс “Дүньяның ең ири ислам цивилизациясы музейи” сыпатында “Гиннестиң дүнья рекордлары китабы”на киргизилди. Бул тән алыў орайдың архитектуралық жақтан саўлатлылығы ҳәм оның глобаллық көлемдеги әҳмийетин де тастыйықлайды. Имарат миллий архитектура мектеби дәстүрлери ҳәм заманагөй қала қурылысы технологияларының бийбаҳа үйлесими үлгиси болып есапланады.
Албания Республикасы Президенти орайдағы “Исламға шекемги цивилизациялар”, “Биринши Ренессанс”, “Екинши Ренессанс” ҳәм “Жаңа Өзбекстан – Жаңа Ренессанс” деп аталған арнаўлы экспозициялар менен толық таныстырылды. Бул бөлимлер хронологиялық избе-изликте дүзилген болып, олар жеримизден жетисип шыққан уллы алымлардың жәҳән илимине, философиясы ҳәм мәнаўиятына қосқан үлесин айқын көрсетип береди. Бүгинги Үшинши Ренессанс идеясы мине усындай беккем тарийхый тийкарға сүйенетуғыны жоқары мәртебели мийманда айрықша қызығыўшылық оятты.
Сапар даўамында Саманийлер, Қараханийлер, Хорезмшаҳлар ҳәм Темурийлер дәўирлерине байланыслы сийрек ушырасатуғын қолжазбалар ҳәм тәкирарланбас тарийхый экспонатлар көзден өткерилди. Бул шығармалар ҳәм материаллық мәденият үлгилери өзбек мәмлекетшилиги тарийхы тек ғана сиясий емес, ал жоқары интеллектуаллық қүдирет үстине қурылғанының жанлы дәлийли болып есапланады.
Жоқары мәртебели мийман Ислам цивилизациясы орайының “Ҳүрметли мийманлар китабы”на өз пикирлерин жазып қалдырды.
Марҳабо ҲОЖИАКБАРОВА,
Аслиддин АЛИЖОНОВ(фото), ӨзА