Әзербайжан ҳүкимети басшысының елимизге сапары жуўмақланды
82

Әзербайжан Республикасы Бас министри Али Асадовтың Өзбекстанға сапары жуўмақланды.
Сапар бағдарламасына муўапық, пайтахтымызда болып өтип атырған V Ташкент халықаралық инвестиция форумының жалпы мәжилисинде шығып сөйлеген туўысқан мәмлекет ҳүкиметиниң басшысы кеше Президент Шавкат Мирзиёевтиң қабыллаўында да болды.

Жоқары мәртебели мийманды “Ташкент-Хумо” халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Очилбой Раматов ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды.
ӨзА