Мишустинниң Өзбекстанға сапары жуўмақланды

84

V Ташкент халықаралық инвестиция форумында қатнасыў ушын келген Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Михаил Мишустинниң елимизге сапары жуўмақланды.

Мәмлекетлеримиз арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды буннан былай да кеңейтиўге қаратылған әҳмийетли илажлар – ушырасыў ҳәм сөйлесиўлерде қатнасқан РФ ҳүкимети басшысы пайтахтымызда даўам етип атырған абырайлы әнжуман жалпы мәжилисинде шығып сөйледи.

5300963785256410257

Рәсмий сапар шеңберинде жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев қабыл етти.

Михаил Мишустинди “Ташкент-Хумо” халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Очилбой Раматов ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды.

5300963785256410256

Ғ.Хонназаров, Н.Ҳайдаров (фото), ӨзА