Тәжикстан Бас министриниң елимизге сапары жуўмақланды
81

Тәжикстан Республикасы Бас министри Коҳир Расулзоданың Өзбекстанға сапары жуўмақланды.
Дос мәмлекет ҳүкиметиниң басшысы пайтахтымызда өтип атырған абырайлы әнжуман – V Ташкент халықаралық инвестиция форумының жалпы мәжилисинде шығып сөйледи. Сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы аўқамласлық қатнасықларды буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғын ушырасыў, сөйлесиўлер өткерди.

Кеше Президент Шавкат Мирзиёевтиң қабыллаўында да болған жоқары мәртебели мийманды Ташкент-Хумо аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Очилбой Раматов ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды.
ӨзА