Қазақстан Бас министри Ташкенттен жөнеп кетти

66

Қазақстан Республикасы Бас министри Олжас Бектенов Өзбекстанға сапарын жуўмақлады.

Туўысқан мәмлекет ҳүкиметиниң басшысы пайтахтымызда өтип атырған абырайлы әнжуман – V Ташкент халықаралық инвестициялық форумының жалпы мәжилисинде қатнасып, шығып сөйледи.

Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дослық байланысларын және де раўажландырыўға қаратылған ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерди.

Жоқары мәртебели мийманды Ташкент-Хумо аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Очилбой Раматов ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды.

ӨзА