Өзбекистан – АҚШ: инвестициялық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды

75

Ташкент халықаралық инвестициялық форумы илажлары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШ Эксимбанки президенти ҳәм баслығы Жон Йованович және Халықаралық финанслық раўажланыў корпорациясы (DFC) бас атқарыўшы директоры Бэн Блэк пенен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийманлар мәмлекетимиз басшысына АҚШ Президенти Дональд Трамптың қызғын сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Сөйлесиўлер даўамында бул институтлардың Өзбекстанда инфраструктураны раўажландырыў, әҳмийетли минералларды өзлестириў, энергетика, жасалма интеллектти енгизиў ҳәм санластырыў сыяқлы жоқары технологиялы стратегиялық жойбарларды қаржыландырыўда қатнасыўына байланыслы мәселелер ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

АҚШ Эксимбанки менен бирге ислесиў бағдарында энергетика тармағын модернизациялаў бойынша биргеликтеги жойбарларды жеделлестириў бойынша келисимге ерисилди. Жергиликли исбилерменлердиң тийкарғы тараўлардағы басламалары ушын экспорт кредитлерин бериўди буннан былай да раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

DFC” корпорациясының денсаўлықты сақлаў тараўындағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў, энергетика тармағы ҳәм инфраструктураны модернизациялаўға қаратылған биргеликтеги инвестициялық платформаны иске қосыў бойынша басламалары қоллап-қуўатланды.

Ташкентте жаңа халықаралық аэропортты қурыў, Ферғана ўәлаятында заманагөй медицина комплексин шөлкемлестириў, санлы банкти иске қосыў, дата-орайлар ҳәм қурғақлықтағы портларды қурыў сыяқлы ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўдың әмелий басқышына өтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында додаланған инвестициялық ҳәм технологиялық жойбарларды алға қойыў бойынша биргеликтеги “жол картасы”н қабыл етиўге келисип алынды.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШтың жетекши компанияларының делегациясы менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда АҚШ Эксимбанки президенти ҳәм баслығы Жон Йованович, Халықаралық финанслық раўажланыў корпорациясы (DFC) бас атқарыўшы директоры Бэн Блэк, АҚШ – Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм ҳәм басқалар қатнасты. “Air Products”, “Cove Capital”, “Templeton Global Investments”, “Boeing”, “77 Construction”, “BlackRock”, “FLS”, “Visa”, “JP Morgan”, “Meta”, “GULF” корпорацияларының басшылары ҳәм және бир қатар компаниялардың ўәкиллери қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы бул ушырасыў соңғы жылларда жүзеге келген жақсы дәстүрдиң даўамы, АҚШ исбилерменлериниң Өзбекстандағы жумысын кеңейтиўге қызығыўшылығы артып атырғанының тастыйығы екенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Экономикалық бирге ислесиў Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шерикликтиң тийкарғы таяныш ноқатларынан бири екени айрықша атап өтилди.

Мәмлекетимиз жетекшиси еки ел арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған бир қатар әҳмийетли бағдарларды белгилеп берди.

Әҳмийетли минералларды өзлестириў ҳәм қайта ислеў, энергетика, металлургия, қаржы, жасалма интеллект, санлы технологиялар ҳәм басқа да көплеген тараўларда анық жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылмақта.

АҚШтың ири компанияларының басшылары инвесторлардың нәтийжели жумыс алып барыўына жаратылған қолайлы шараятлар ушын Өзбекстан Президентине миннетдаршылық билдирип, өзлериниң анық усыныслары менен режелерин билдирди.

Дөгерек сәўбети жуўмағында АҚШтың жетекши компаниялары менен еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ташкент халықаралық инвестициялық форумы шеңберинде “Air Products” компаниясының бас атқарыўшы директоры Эдуардо Менезести қабыллады.

Елимизде жоқары технологиялы санаат кәрханаларын қурыўға жедел инвестиция киргизип атырған АҚШтың бул компаниясы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

“Air Products”  санаат газлерин ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериў бойынша дүньяның жетекши компанияларынан бири болып, оның базар капиталласыўы 60 миллиард доллардан асқан. Компания ҳәр жылы 50 ден аслам мәмлекетте 200 миллион тонна санаат газлерин ислеп шығарып, 750 ге шамалас өндирис обектлерин өз ишине алған тармақты басқарады.

Ҳәзирги ўақытта компанияның елимизге бағдарланған инвестицияларының улыўма көлеми 1 миллиард доллардан асқан. “GTL Uzbekistan”  заводында санаат газлерин қайта ислеў, Ферғана нефтьти қайта ислеў заводында водород ислеп шығарыў ҳәм “Наўайыазот” акционерлик жәмийетинде суйық углерод диоксиди ислеп шығарыў бойынша жойбарлар және Ташкент ҳәм Қаршы қалаларында билимлендириў бағдарламалары әмелге асырылған.

Ушырасыў жуўмағында компания қатнасыўындағы жаңа жойбарларды әмелге асырыўды “жол картасы” тийкарында жеделлестириў бойынша келисип алынды.

ӨзА