Өзбекстан Президенти Малайзия бас министри менен ушырасыў өткерди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пайтахтымызда тоқтап өткен Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим менен ушырасыў өткерди.
Қызғын сөйлесиўде еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў, оларды әмелий мазмун менен байытыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.


Жоқары дәрежедеги өз-ара сапар етиўлердиң нәтийжесинде еллеримиздиң бирге ислесиўи пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди. Атап айтқанда, жыл басынан берли товар алмасыў көлеми 15 процентке өсти, қоспа кәрханалардың саны болса 50 ге жетти. Ҳәр қыйлы дәрежелерде жедел сөйлесиўлер даўам етпекте.
Елимиз басшысы усы күнлерде Өзбекстанда болып турған Малайзияның “Petronas” корпорациясы делегациясы менен сөйлесиўлердиң әҳмийетине тоқтап, экономиканың түрли тармақларында стратегиялық жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.


Соның ишинде, нефть-химия, жоқары технологиялар, аўыл хожалығы, машина қурылысы, фармацевтика ҳәм басқа да тийкарғы тараўлардағы жойбарларды алға қойыўға итибар қаратылды.
Сөйлесиў даўамында ислам қаржысы, аймақлараралық байланыслар, зыярат туризми, тиккелей авиақатнаўлардың санын арттырыў ҳәм мәдений алмасыўлар бағдарларындағы бирге ислесиў перспективаларына да тоқтап өтилди.


Халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысылды.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Малайзия Бас министри Анвар Иброҳимды Өзбекстанға айрықша сапар менен келиўге мирәт етти.
ӨзА