Ташкент халықаралық инвестиция форумының жалпы мәжилиси басланды

110

Президент Шавкат Мирзиёев бесинши Ташкент халықаралық инвестиция форумының жалпы мәжилисинде шығып сөйлемекте.

Мәмлекетимиз басшысы форумда қатнасып атырған мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, абырайлы халықаралық финанс институтлары, ири компаниялар, қорлар, жетекши исбилерменлерди қутлықлады. Быйылғы форумға дүньяның 100 мәмлекетинен 4 мыңға шамалас сырт елли мийманлар қатнаспақта.

– Сизлердиң қатнасыўыңыз халықаралық көлемде Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына болған исеним барған сайын артып атырғанының және бир көриниси болып есапланады.

Форум шеңберинде биргеликтеги ҳәрекетлеримиз үлкен шеклерге ерисиў ушын беккем тийкар болмақта. Атап айтқанда, соңғы жыллары елимизге 150 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициясы тартылған болса, соннан 123 миллиард доллары соңғы бес жылға туўра келмекте.

Биз Өзбекстан менен бирге ислесиўден мәпдар болған, тең ҳуқықлы ҳәм өз-ара пайдалы шерикликке таяр инвесторлар ушын бәрқулла ашықпыз, – деди Президентимиз.

Пурсаттан пайдаланып, илажда қатнасып атырған Албания Президенти Байрам Бегай, Россия Ҳүкимети Баслығы Михаил Мишустин, Беларусь Бас министри Александр Турчин, Әзербайжан Бас министри Али Асадов, Қазақстан Бас министри Олжас Бектенов, Қырғызстан Министрлер Кабинети Баслығы – Президент Администрациясы басшысы Адилбек Касималиев, Тәжикстан Бас министри Қоҳир Расулзодаға, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Жаңа раўажланыў банки, сондай-ақ, Жәҳән банки, Халықаралық финанс корпорациясы, Азия раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, Европа инвестициялық банки және сырт ел банклери, компания ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллерине миннетдаршылық билдирилди.

ӨзА