Өзбекстан – Албания  байланысларында жаңа экономикалық ҳәм сиясий имканиятлар  есиги ашылмақта

116

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Албания Республикасы Президенти Байрам Бегай өмирлик жолдасы менен биргеликте рәсмий сапар менен елимизде болып тур.

Заманагөй дүньяда мәмлекетлер аралық қатнасықлардың табысы картадағы аралықларға байланыслы болмай қалды. Бүгин дослық байланыслар сиясий ерк-ықрар ҳәм өз-ара мәплердиң үйлесимлилиги менен белгиленбекте.

Өзбекстанның жаңаша, ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясий стратегиясы узақ ҳәм жақын шериклер менен тең ҳуқықлы және дослық байланысларды избе-из беккемлеўге хызмет етпекте. Албания Республикасы менен қатнасықлардың сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилиўи бул пикирдиң айқын дәлили болып есапланады.

Еки мәмлекет арасында жеделлесип атырған жоқары дәрежедеги сиясий сөйлесиў тек ғана дипломатиялық байланысларды кеңейтиў емес, ал экономикалық ҳәм инвестициялық тараўлардағы үлкен потенциалды жүзеге шығарыў ушын жаңа имканиятлар есигин ашпақта.

Өзбекстан ҳәм Албания арасындағы дипломатиялық қатнасықлар тарийхы 1993-жылға барып тақалады. Бирақ соңғы жыллары бул байланыслар пүткиллей жаңа мазмун ҳәм пәтке ийе болды. 2025-жыл 23-сентябрь күни Нью-Йорк қаласында БМШ Бас Ассамблеясының 80-юбилей сессиясы шеңберинде Өзбекстан Президентиниң Албания Президенти Байрам Бегай менен өткерген сөйлесиўлери еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўында әҳмийетли басқыш болды.

Өз гезегинде, агросанаат комплекси, “жасыл” энергетика, геология, мәлимлеме технологиялары ҳәм санластырыў тараўларындағы кооперация бағдарламалары ҳәр еки тәреп ушын жаңа жумыс орынларын ҳәм өндирис қуўатлықларын жаратады.

Сиясий шеңберлердеги жоқары исеним ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўдағы алмасыўлар халықларымызды және де жақынластыратуғыны сөзсиз. Өзбекстан ҳәм Албания арасындағы көп қырлы қатнасықлардың бүгинги жағдайы, әлбетте, жаңа басқышқа көтерилди.

Көксарай резиденциясында 16-июнь күни Албания Республикасы Президенти Байрам Бегайды рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Резиденция алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды шын жүректен күтип алып, минберге мирәт етти.

Әскерий оркестрдиң атқарыўында Өзбекстан ҳәм Албания мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялардың ағзаларын қутлықлады.

Буннан соң Көксарай резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Албания Республикасы Президенти Байрам Бегай рәсмий делегациялардың қатнасыўында сөйлесиў өткерди.

Еки мәмлекет арасында әмелий бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў перспективалары көрип шығылды.

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан ҳәм Албания қатнасықлары тарийхында биринши мәрте өткерилип атырған бул саммит айрықша әҳмийетке ийе екенин, оның еки тәреплеме бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығатуғынын атап өтти.

Сиясий сөйлесиў ҳәм ҳәр қыйлы дәрежедеги байланыслар жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. БМШ ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде тәреплер бир-бирин қоллап-қуўатлап келмекте.

Товар алмасыўды кеңейтиўге, агросанаат комплекси, “жасыл” энергетика, геология, мәлимлеме технологиялары ҳәм санластырыў, туризм ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларда кең көлемли кооперация бағдарламасын таярлаўға айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан өнимлерин Қубла Европа ҳәм Жер Орта теңизи базарларына шығарыўда логистика хабы сыпатында Албанияның Дуррес портынан пайдаланыў имканиятлары үйрениледи.

Экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарларын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Бирге ислесиўдиң экономикалық күн тәртибин алға қойыў мақсетинде Ҳүкиметлераралық комиссияны шөлкемлестириўге ҳәм оның биринши мәжилисин усы жылы Ташкент қаласында өткериўге келисип алынды.

Мәдений-гуманитарлық тараўда тәреплер өз-ара Мәденият күнлери, кино тамашалары, көргизбе ҳәм дөретиўшилик сапарларды шөлкемлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Жетекшилер регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Албания Республикасы Президенти Байрам Бегай Ҳүрметли мийманлар қыябанында биргеликте терек екти.

Бул мәресим еки мәмлекет халықлары арасындағы дослық ҳәм өз-ара түсинисиў беккемленип атырғаны, Өзбекстан – Албания көп қырлы қатнасықларын раўажландырыўда жаңа басқыш басланғанының белгиси болды.

Жоқары мәртебели мийман өмирлик жолдасы менен биргеликте усы күни “Жаңа Өзбекстан” паркине барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.

Мәмлекетимиздиң өтмиши ҳәм келешеги арасындағы байланысты сәўлелендиретуғын Ғәрезсизлик монументи елимизде жоқары мәнаўият ҳәм жақсы қәдириятлардың қарар тапқанынан дерек берип, Ўатанымыздың тарийхый тамырларын ҳәм раўажланыў потенциалын айқын көрсетеди.

Албания Республикасы Президенти Байрам Бегай Көксарай резиденциясындағы жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерден соң Самарқандқа келди.

Албания жетекшиси Самарқанд пенен танысыўды Имам Бухарий комплексин зыярат етиўден баслады.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен уллы муҳаддис бабамыздың Ислам дүньясында тутқан абырайына сәйкес түрде жаңадан қурылған комплекстиң уллылығы ҳәм бул жердеги тәрбиялық-руўхый орталық жоқары мәртебели мийманда үлкен қызығыўшылық оятты. Әсиресе, Имам Бухарий өмири ҳәм жумысы ҳаққында мағлыўмат беретуғын инновациялық музейди Албания жетекшиси таңланыўшылық пенен тамашалады.

Албания Республикасы Президенти Әмир Темур мақбарасы, Регистан комплекси, Мырза Улығбек музей-бақлаўханасында болды.

Бул тарийхый естеликлер менен танысыў ўақтында жоқары мәртебели мийманға ата-бабаларымыздың дөретиўшилик потенциалы, Самарқандтың адамзат цивилизациясының раўажланыўындағы орны ҳәм ҳәзирги ўақытта елимизде тарийхый-мәдений естеликлерди қәстерлеп сақлаў бағдарындағы жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Албания Республикасы Президенти Самарқанд халықаралық туризм орайындағы “Мәңги қала” тарийхый-этнографиялық комплексине сапары даўамында бул жерде көрсетилген миллий өнерментшилик өнимлерин ҳәм халық әмелий көркем өнери үлгилерин тамашалап, бай тарийхқа ийе Жаңа Өзбекстан Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында раўажланыўдың әҳмийетли басқышына шыққанын атап өтти.

Албания Республикасы Президенти Байрам Бегайдың Өзбекстанға рәсмий сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары