Ислам цивилизациясы орайы сырт елли мийманларда унамлы тәсир қалдырмақта

70

Пайтахтымызда өтип атырған V Ташкент халықаралық инвестиция форумы шеңберинде Өзбекстанға келген жоқары мәртебели мийманлар Президентимиздиң басламасы менен қурылған Ислам цивилизациясы орайының жумысы менен танысты.

Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов пенен биргеликте Әзербайжан Республикасының Бас министри Али Асадов, Беларусь Республикасының Бас министри Александр Турчин, Тәжикстан Республикасының Бас министри Қоҳир Расулзода ҳәм Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинетиниң Баслығы – Президент Администрациясының басшысы Адилбек Қасымалиев орайдың экспозициялары, илимий-ағартыўшылық жойбарлар ҳәм заманагөй интерактив технологиялар тийкарында жаратылған көргизбелерди көзден өткерди.

Мийманларға Өзбекстан аймағындағы исламға шекемги дәўир тарийхы, ислам цивилизациясының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы, уллы ойшыллардың мийрасы, миллий мәдений байлықлар және мәмлекеттиң илимий-ағартыўшылық потенциалы ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.

image

Қырғызстан ҳүкиметиниң басшысы, пурсаттан пайдаланып, еки мәмлекет қатнасықлары кейинги жылларда пүткиллей жаңа басқышқа көтерилгенин айрықша атап өтти:

– Бүгин Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы қатнасықлар оғада жақсы ҳәм беккем. Саўда-экономикалық бирге ислесиў, мәдений байланыс избе-из кеңеймекте. Мәмлекет басшылары белгилеп берген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша тығыз бирге ислесип атырмыз. Ҳәр қандай мәселе бойынша турақлы сөйлесиў бар, бюрократиялық тосқынлықлар жоқ, мәселелер жедел шешилмекте.

Адилбек Касымалиев жақын айларда болып өтетуғын ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси, Өзбекстан Президентиниң Қырғызстанға мәмлекетлик сапары ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының ушырасыўы еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шерикликти және де беккемлейтуғынына исеним билдирди.

image

Жоқары мәртебели мийманлар орайда жаратылған заманагөй мультимедиа, сийрек ушырасатуғын қолжазба ҳәм тарийхый экспонатларды атап өтип, орайдың халықаралық көлемдеги әҳмийетин жоқары баҳалады.

Бизге белгили, V Ташкент халықаралық инвестициялық форумына дүньяның көплеген мәмлекетлери ҳәм халықаралық шөлкемлерден делегациялар келмекте. Ислам цивилизациясы орайы болса мәмлекеттиң бай тарийхы, мәдений мийрасы ҳәм заманагөй раўажланыўын көрсететуғын әҳмийетли ағартыўшылық орны сыпатында оларда айрықша қызығыўшылық оятпақта.

Дилшод ҲАКИМОВ, Аслиддин АЛИЖОНОВ (сүўрет), ӨзА