Байрам Бегай Жаңа Өзбекстандағы өзгерислерди тән алды

Албания Республикасы Президенти Байрам Бегай Самарқандқа сапары даўамында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов пенен биргеликте Әмир Темур мақбарасы, Регистан комплекси, Мырза Улығбек музей-бақлаўханасында болды.
Бул тарийхый естеликлер менен танысыў ўақтында жоқары мәртебели мийманға ата-бабаларымыздың дөретиўшилик потенциалы, Самарқандтың адамзат цивилизациясының раўажланыўындағы орны ҳәм ҳәзирги ўақытта елимизде тарийхый-мәдений естеликлерди қәстерлеп сақлаў бағдарындағы жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Албания Республикасы Президенти Самарқанд халықаралық туризм орайындағы “Мәңги қала” тарийхый-этнографиялық комплексине сапары даўамында бул жерде көрсетилген миллий өнерментшилик өнимлери ҳәм халық әмелий көркем өнери үлгилерин тамашалап, бай тарийхқа ийе Жаңа Өзбекстан Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында раўажланыўдың әҳмийетли басқышына шыққанын атап өтти.
Албания Президенти Байрам Бегай Самарқандтан Ташкентке қайтып келди.

Ғ. ҲАСАНОВ, А. ИСРОИЛОВ (сүўрет), ӨзА