Қазақстан Бас министри Өзбекстанға келди

58

Қазақстан Республикасы Бас министри Олжас Бектенов V Ташкент халықаралық инвестициялық форумында қатнасыў ушын мәмлекетимизге келди.

Жоқары мәртебели мийманды Ташкент-Хумо аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Очилбой Раматов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

photo_2026-06-17_09-08-01

Туўысқан мәмлекет ҳүкиметиниң басшысы пайтахтымызда өтип атырған абырайлы әнжуман шеңбериндеги ең әҳмийетли илажларда қатнасып, шығып сөйлеўи күтилмекте. Сондай-ақ, бул сапар етиў бағдарламасынан Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер де орын алған.

photo_2026-06-17_09-08-02photo_2026-06-17_09-08-05

ӨзА