Жаңа Өзбекстанға жоқары исеним белгиси: TIIF-2026 рекорд дәрежедеги қатнасыўшыларды жәмлемекте

Пайтахтымызда даўам етип атырған V-Ташкент халықаралық инвестиция форумы (TIIF-2026) тек ғана мәмлекетимиз емес, ал пүткил Орайлық Азия регионының экономикалық турмысында түпкиликли бурылыс ноқаты сыпатында баҳаланбақта.
Атап өтилиўинше, Ташкент үш күн даўамында глобаллық капитал, халықаралық бизнес ҳәм ири перспективалы қарарлар қабыл етилетуғын бас орайға айланады. Әҳмийетлиси, быйылғы әнжуман қатнасыўшылары географиясы ҳәм көлеми жағынан форум тарийхындағы абсолют рекордты жаңалады.
Мәжилисте дүньяның 100 мәмлекетинен 3 мың 423 сырт ел делегациясы жәмленген болса, улыўма қатнасыўшылардың саны 8 мың 316 дан артты. Бул көрсеткиштиң өзи халықаралық жәмийетшиликтиң Жаңа Өзбекстандағы реформаларға ҳәм экономикалық турақлылыққа болған исеними қаншелли жоқары екенин айқын дәлиллейди.
“Инвестициялардың турақлылығы: жаңа горизонтлар, жаңа шериклик” сүрени астында өтип атырған бул абырайлы әнжуман шеңберинде геология, жасыл энергетика, жасалма интеллект, транспорт-логистика, санаат кооперациясы ҳәм санлы экономика сыяқлы стратегиялық бағдарлар дыққат орайында тур.
ӨзАның хабаршысы бул әнжуманның әҳмийети ҳәм елимизде сырт елли инвесторлар ушын жаратылып атырған инвестициялық имканиятлар ҳаққында Өзбекстан Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги бөлим баслығы Сардор Абдуалимовтың пикирлерин жазып алды.
– Быйылғы форум мәмлекетимиз экономикасы ушын үлкен стратегиялық әҳмийетке ийе. Биз тек ғана қаржы тартыў емес, ал жоқары технологияларға тийкарланған жойбарларды әмелге асырыўды баслы мақсет еткенбиз. Форум шеңберинде жасалма интеллект, санластырыў ҳәм жасыл технологиялар бойынша сырт елдиң жетекши компаниялары менен тиккелей сөйлесиўлер алып барылмақта.
Өзбекстанда инвесторлар ушын жаратылған ҳуқықый кепилликлер ҳәм еркин базар орталығы бүгин өз жемисин бермекте. Ең әҳмийетлиси, бул ретки илажда Персия қолтығы ҳәм Европаның ири капитал ийелери болған фондлар менен келешек экономикасының тийкарын қуратуғын трансшегаралық жойбарларды додаламақтамыз.
Форум жуўмағында қол қойылатуғын шәртнамалар елимизде мыңлаған жаңа жоқары дәраматлы жумыс орынларының жаратылыўына ҳәм өндирис системасын түп-тийкарынан модернизациялаўға хызмет ететуғынына исенемен.
Ф.ЯХШИБОЕВА, ӨзА