Албания Президенти Имам Бухарий комплексине таңланды

Албания Республикасы Президенти Байрам Бегай Самарқанд пенен танысыўды Имам Бухарий комплексин зыярат етиўден баслады.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен уллы муҳаддис бабамыздың Ислам дүньясында тутқан абырайына сәйкес түрде жаңадан қурылған комплекстиң уллылығы ҳәм бул жердеги тәрбиялық-руўхый орталық жоқары мәртебели мийманда үлкен қызығыўшылық оятты. Әсиресе, Имам Бухарий өмири ҳәм жумысы ҳаққында мағлыўмат беретуғын инновациялық музейди Албания жетекшиси таңланып тамашалады.
– Имам Бухарий естелик комплекси Өзбекстанның ең бийбаҳа байлықларынан бири. Соның менен бирге бул орын дүнья мусылманлары умтылатуғын муқаддес зыярат етиў орны. Өзбекстанға сапарым даўамында маған да бул зыярат орнын зыярат етиў бахты несип еткенинен қуўанышлыман, – деди Албания Президенти Байрам Бегай.
Ғ.ҲАСАНОВ, А.ИСРОИЛОВ (сүўрет), ӨзА