Қарақалпақ художниклериниң дөретпелери Наўайы көргизбесинде

Бүгин Наўайы қаласындағы Көркем өнер галереясында қарақалпақстанлы художниклердиң “Дәстүр ҳәм заманагөйлик” атамасындағы көргизбесиниң салтанатлы ашылыўы болып өтти.
Көргизбеде 15 белгили ҳәм жас художниктиң 40 тан аслам дөретиўшилик жумысы тамашагөйлер итибарына усынылды. Илаждың тийкарғы мақсети Наўайы ўәлаяты турғынларын ҳәм мийманларын қарақалпақ художниклериниң дөретиўшилиги менен жақыннан таныстырыў, дөретиўшилик байланысларды беккемлеў ҳәм жасларды миллий қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдан ибарат болды.
Экспозицияда пейзаж, натюрморт ҳәм миллий колоритке ийе шығармалар орын алды. Оларда қарақалпақ халқының турмыс тәризи, дәстүрлери, миллий кийимлери ҳәм мәденияты көркем түрде сәўлелендирилген. Көргизбе қатнасыўшылар ҳәм тамашагөйлерде үлкен қызығыўшылық оятты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги