АҚШ компаниялары менен инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў перспективалары додаланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев бесинши Ташкент халықаралық инвестиция форумы алдынан АҚШтың жетекши компанияларының делегациясы менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда АҚШ Эксимбанки президенти ҳәм баслығы Жон Йованович, Халықаралық финанслық раўажланыў корпорациясы (DFC) бас атқарыўшы директоры Бэн Блэк, АҚШ – Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм ҳәм басқалар қатнасты. “Air Products”, “Cove Capital”, “Templeton Global Investments”, “Boeing”, “77 Construction”, “BlackRock”, “FLS”, “Visa”, “JP Morgan”, “Meta”, “GULF” корпорацияларының басшылары ҳәм және бир қатар компаниялардың ўәкиллери қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы бул ушырасыў соңғы жылларда жүзеге келген жақсы дәстүрдиң даўамы, АҚШ исбилерменлериниң Өзбекстандағы жумысын кеңейтиўге қызығыўшылығы артып атырғанының тастыйығы екенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Экономикалық бирге ислесиў Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шерикликтиң тийкарғы таяныш ноқатларынан бири екени айрықша атап өтилди.


Мәмлекетимиз жетекшиси еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған бир қатар әҳмийетли бағдарларды белгилеп берди.


Әҳмийетли минералларды өзлестириў ҳәм қайта ислеў, энергетика, металлургия, қаржы, жасалма интеллект, санлы технологиялар ҳәм басқа да көплеген тараўларда анық жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылмақта.


АҚШтың ири компанияларының басшылары инвесторлардың нәтийжели жумыс алып барыўына жаратылған қолайлы шараятлар ушын Өзбекстан Президентине миннетдаршылық билдирип, өзлериниң анық усыныслары менен режелерин билдирди.


Дөгерек сәўбети жуўмағында АҚШтың жетекши компаниялары менен еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болып өтти.
ӨзА