Әскерий хызметкерлердиң музейлерге руўхый-ағартыўшылық саяхаты шөлкемлестирилди

82

Елимизде экспозициясы оғада бай ҳәм бийтәкирар музейлеримиз көп. Әсиресе, Мәмлекетимиз басшысының басламасы тийкарында шөлкемлестирилген Өзбекстан Ислам цивилизациясы орайы сырт елли туристлер, илимпазлар ҳәм экспертлердиң итибарын тартпақта.

Миллий гвардия Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының әскерий хызметкерлери мазмунлы дем алыў мақсетинде “Ислам цивилизациясы орайы”на барып, елимиздиң даңқлы ҳәм бийтәкирар тарийхы, ата-бабаларымыздың руўхый мийрасы менен жақыннан танысты.

Илаж даўамында қатнасыўшылар музейде сақланып атырған сийрек ушырасатуғын экспонатлар, тарийхый естеликлер, әййемги қолжазбалар, археологиялық табылмаларды көзден өткерди. Қәнигелер тәрепинен экспонатлардың тарийхый ҳәм руўхый әҳмийети ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Саяхат даўамында әскерий хызметкерлерде миллий қәдириятларға ҳүрмет, ата-бабалар мийрасына садықлық ҳәм ўатансүйиўшилик сезимлерин және де беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.

Экскурсиялар Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейинде де шөлкемлестирилди. Жойбар шеңберинде олар музейде миллий тарийхымыз, уллы ата-бабаларымыздың мийрасы, ғәрезсизлик жылларында ерисилген жетискенликлер менен жақыннан танысты.

Бундай илажлар әскерий хызметкерлердиң тарийхты еслеўин кеңейтиўге, руўхый дүньяға көзқарасын байытыўға ҳәм ўатансүйиўшилик сезимлерин және де беккемлеўге хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги