Россия Ҳүкиметиниң Баслығы Өзбекстанға келди
85

Бүгин, 16-июнь күни Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Михаил Мишустин V Ташкент халықаралық инвестиция форумында қатнасыў ушын пайтахтымызға келди.
“Ташкент-Хумо” халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
РФ ҳүкимети басшысының мәмлекетимизге бул ретки сапары бағдарламасы да мазмунлы. Атап айтқанда, Михаил Мишустин сапары шеңберинде абырайлы халықаралық әнжуманнан тысқары, жоқары дәрежедеги келисимлерге муўапық, Өзбекстан – Россия көп тәреплемели қатнасықларын және де кеңейтиўге қаратылған бир қатар илажлар – ушырасыў ҳәм сөйлесиўлерге де қатнасады.
Ғ.Хонназаров, Н.Ҳайдаров (фото),ӨзА