“АзерТАЖ”: Ташкент халықаралық инвестиция форумы рекорд көрсеткишлер менен глобаллық итибар орайында

89

Пайтахтымызда өткерилип атырған V Ташкент халықаралық инвестиция форумы (TIIF-2026) ҳаққында Әзербайжанның жетекши мәмлекетлик мәлимлеме агентлиги – “АзерТАЖ” кең көлемли материал жәриялады.

Басылымның атап өтиўинше, быйылғы форум өзиниң көлеми ҳәм қатнасыўшылар саны менен бир қатар рекорд көрсеткишлерге ериспекте. Илажда қатнасыўшы компаниялар ҳәм қаржы институтларының улыўма активлери 42 триллион АҚШ долларын қурап, бул глобаллық ЖИӨниң шама менен 38 процентине тең екени атап өтилген. Экспертлердиң пикиринше, “TIIF-2026″ Орайлық Азия тарийхындағы ең ири инвестициялық платформалардан бири болып есапланады.

Форумда 100 ден аслам мәмлекеттен 3 мыңнан аслам сырт ел делегациясы, соның ишинде, Әзербайжан делегациясы да қатнаспақта. Улыўма қатнасыўшылардың саны 8 мыңнан артып, бул көрсеткиш форум тарийхындағы жаңа рекорд сыпатында атап өтилди.

Атап өтилиўинше, конференцияны сәўлелендириў ушын 41 мәмлекеттен 209 сырт ел журналисти аккредитациядан өткен. “Bloomberg”, “Reuters”, “BBC News”, “Euronews”, “Nikkei”, “CGTN” ҳәм “TRT” сыяқлы абырайлы ҒХҚ Ташкенттен тиккелей репортажлар берип атыр.

Таллаўларға бола, форум шеңберинде қол қойылатуғын ири инвестициялық келисимлер Өзбекстан экономикасының және де раўажланыўына күшли түртки береди.

Ў.Алимов, ӨзА