Узақ тарийхқа барып тақалатуғын қарақалпақ ҳәм қазақ халқының көп әсирлик туўысқанлық байланысларын бүгинги күни де тарийхы ҳәм тәғдири, руўхый және мәдений қәдриятлары, уқсас тили және менталитети бирлестиреди.

Быйылғы жылы Президентимиздиң «Уллы қазақ шайыры Абай Қунанбаевтың дөретиўшилигин кең түрде үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў ҳаққында»ғы қарары туўысқан қазақ халқына, олардың уллы әдебий тулғаларына ҳүрметтиң үлгиси ретинде елимиздиң социаллық-мәдений турмысында әҳмийетли ўақыя болды.

Жақында Хожели районындағы 10-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Абай мийрасы – халқымыздың байлығы» атамасында районлық көлемде семинар шөлкемлестирилди.

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң халықларымыз арасындағы дослықты беккемлеў, қарым-қатнасты жақсылаў мақсетинде 2017-жылы март айында Қазақстан Республикасына рәсмий сапарынан соң билимлендириў саласында бирге ислесиў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, қазақ халқының уллы шайыры Абай Қунанбаевтың өмирин, өшпес мийнетлерин пүткил дүньяға танытыўда көплеген илажлар өткерилмекте.

Мектепте өткерилген семинар даўамында қатнасыўшылар топарларға бөлинип, шайырдың дөретпелеринен, терең философиялық сөзлеринен үзиндилер келтирип, өзлериниң билимин сынақтан өткерди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.