Қырғызстан ҳүкимети басшысы Ташкентте

66

Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинетиниң Баслығы – Президент Администрациясының басшысы Адилбек Касималиев рәсмий сапар менен елимизге келди.

“Ташкент-Хумо” халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Бас министриниң орынбасары Очилбой Раматов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Сапар бағдарламасына бола, Адилбек Касималиев бүгин пайтахтымызда басланған “ТХИФ-2026” әнжуманына қатнасады.

Сондай-ақ, Қырғызстан ҳүкиметиниң баслығы өткен жылғы Ташкент халықаралық инвестиция форумында да қатнасқан.

ӨзА