Өзбекстан Президенти АҚШтың жетекши финанс институтлары менен инвестициялық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп берди

Ташкент халықаралық инвестициялық форумы илажлары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШ Эксимбанки президенти ҳәм баслығы Жон Йованович және Халықаралық финанслық раўажланыў корпорациясы (DFC) бас атқарыўшы директоры Бэн Блэк пенен ушырасыў өткерди.
Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийманлар мәмлекетимиз басшысына АҚШ Президенти Дональд Трамптың қызғын сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Сөйлесиўлер даўамында бул институтлардың Өзбекстанда инфраструктураны раўажландырыў, әҳмийетли минералларды өзлестириў, энергетика, жасалма интеллектти енгизиў ҳәм санластырыў сыяқлы жоқары технологиялы стратегиялық жойбарларды қаржыландырыўда қатнасыўына байланыслы мәселелер ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

АҚШ Эксимбанки менен бирге ислесиў бағдарында энергетика тармағын модернизациялаў бойынша биргеликтеги жойбарларды жеделлестириў бойынша келисимге ерисилди. Жергиликли исбилерменлердиң тийкарғы тараўлардағы басламалары ушын экспорт кредитлерин бериўди буннан былай да раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

“DFC” корпорациясының денсаўлықты сақлаў тараўындағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў, энергетика тармағы ҳәм инфраструктураны модернизациялаўға қаратылған биргеликтеги инвестициялық платформаны иске қосыў бойынша басламалары қоллап-қуўатланды.
Ташкентте жаңа халықаралық аэропортты қурыў, Ферғана ўәлаятында заманагөй медицина комплексин шөлкемлестириў, санлы банкти иске қосыў, дата-орайлар ҳәм қурғақлықтағы портларды қурыў сыяқлы ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўдың әмелий басқышына өтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында додаланған инвестициялық ҳәм технологиялық жойбарларды алға қойыў бойынша биргеликтеги “жол картасы”н қабыл етиўге келисип алынды.
ӨзА