Әзербайжан Бас министри Ташкентке келди

250

Әзербайжан Республикасы Бас министри Али Асадов рәсмий сапар менен Өзбекстанға келди.

Жоқары мәртебели мийманды “Ташкент-Хумо” халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Очилбой Раматов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Сапар бағдарламасына муўапық, туўысқан мәмлекет ҳүкиметиниң басшысы пайтахтымызда болып өтетуғын V Ташкент халықаралық инвестиция форумында қатнасады.

ӨзА