Өзбекстан ҳәм Албания қатнасықлары бирге ислесиўдиң жаңа басқышына алып шығылды

Көксарай резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Албания Республикасы Президенти Байрам Бегай рәсмий делегациялардың қатнасыўында сөйлесиў өткерди.
Еки мәмлекет арасында әмелий бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў перспективалары көрип шығылды.
Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан ҳәм Албания қатнасықлары тарийхында биринши мәрте өткерилип атырған бул саммит айрықша әҳмийетке ийе екенин, оның еки тәреплеме бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығатуғынын атап өтти.
Сиясий сөйлесиў ҳәм ҳәр қыйлы дәрежедеги байланыслар жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. БМШ ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде тәреплер бир-бирин қоллап-қуўатлап келмекте.

Товар алмасыўды кеңейтиўге, агросанаат комплекси, “жасыл” энергетика, геология, мәлимлеме технологиялары ҳәм санластырыў, туризм ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларда кең көлемли кооперация бағдарламасын таярлаўға айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан өнимлерин Қубла Европа ҳәм Жер Орта теңизи базарларына шығарыўда логистика хабы сыпатында Албанияның Дуррес портынан пайдаланыў имканиятлары үйрениледи.
Экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарларын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Бирге ислесиўдиң экономикалық күн тәртибин алға қойыў мақсетинде Ҳүкиметлераралық комиссияны шөлкемлестириў ҳәм оның биринши мәжилисин усы жылы Ташкент қаласында өткериўге келисип алынды.

Мәдений-гуманитарлық тараўда тәреплер өз-ара Мәденият күнлери, кино тамашалары, көргизбе ҳәм дөретиўшилик сапарларды шөлкемлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Жетекшилер регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты.
ӨзА