Албания Президенти Байрам Бегай ата-бабаларымыздың естелигине ҳүрмет көрсетти

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Албания Президенти Байрам Бегай рәсмий сапар менен елимизде болып тур.
Жоқары мәртебели мийман өмирлик жолдасы менен биргеликте 16-июнь күни “Янги Ўзбекистон” паркине барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.
Уллы бабаларымыздың ибратлы өмир жолы ҳәм ийгиликли хызметлери бүгинги күнде де елимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың руўхый жақтан жоқарылаўында әҳмийетли фактор сыпатында жоқары қәдирленбекте. Олардың бай тарийхый мийрасы миллий өзликти аңлаў ҳәм ўатансүйиўшилик сезимлерин беккемлеўге хызмет етпекте.


















Бүгин дүнья жәмийетшилиги уллы ҳәм ийгиликли мақсетлер жолында әмелге асырған ибратлы жумыслары менен елимиз тарийхында өшпес из қалдырған ата-бабаларымыздың естелигине жоқары ҳүрмет пенен мүнәсибет билдирмекте.
Мәмлекетимиздиң өтмиши ҳәм келешеги арасындағы байланысты сәўлелендиретуғын Ғәрезсизлик монументи елимизде жоқары мәнаўият ҳәм жақсы қәдириятлардың қарар тапқанынан дерек берип, Ўатанымыздың тарийхый тамырлары ҳәм раўажланыў потенциалын айқын көрсетеди.
Албания Президенти Байрам Бегай Ғәрезсизлик монументине гүл қояр екен, Ўатан азатлығы ҳәм халық абаданлығының айқын көриниси сыпатында бой тиклеген бул саўлатлы комплекс алдында символикалық түрде бас ийип, ҳүрмет көрсетти.
Елимиз тарийхы, дүнья цивилизациясына үлес қосқан ата-бабаларымыздың ағартыўшылығы ҳаққында мағлыўматларға ийе болды.
Жоқары мәртебели мийманға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов ҳәм басқа да рәсмийлер жолдаслық етти.
Марҳабо ҲОЖИАКБАРОВА,
Сарвар ЎРМОНОВ (фото), ӨзА