Албания Президенти Өзбекстанға келди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Албания Республикасы Президенти Байрам Бегай өмирлик жолдасы менен биргеликте рәсмий сапар менен елимизге келди.
Жоқары мәртебели мийманды Ташкент халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Сапар бағдарламасына муўапық, Ташкент қаласында болып өтетуғын жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекстан ҳәм Албания арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланады.
Саўда, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, “жасыл” энергетика ҳәм туризм сыяқлы тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери дыққат орайында болады. Мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў де көрип шығылады.
Халықаралық күн тәртибиндеги мәселелер, соның ишинде, көп тәреплеме платформалар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаў бойынша да пикир алысыў режелестирилген.
Сапар етиў бағдарламасы шеңберинде Албания Президенти V Ташкент халықаралық инвестициялық форумында да қатнасады.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
Сарвар ЎРМОНОВ (ФОТО), ӨзА