Миллий авиакомпанияны трансформациялаў ҳәм IPOға таярлаў жумыслары жеделлестириледи

206

Президент Шавкат Мирзиёев “Uzbekistan Airways” акционерлик жәмийетин трансформациялаў ҳәм IPO ға таярлаў жумысларын жеделлестириў бойынша презентация менен танысты.

Соңғы жылларда мәмлекет қатнасыўындағы ири кәрханаларды реформалаў, оларда корпоративлик басқарыў ҳәм есабаттың халықаралық стандартларын енгизиў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Бул процессте Миллий инвестиция қорының жумысының жолға қойылғаны ҳәм оның басқарыўына “Franklin Templeton” компаниясының тартылғаны әҳмийетли қәдем болды.

Өткен айда Миллий инвестиция қоры биринши мәрте халықаралық базарда 690 миллион долларлық активлерди жайластырды. Бул арқалы Өзбекстан глобаллық капитал базары қағыйдалары тийкарында ислеўге таяр екени ҳаққында әҳмийетли сигнал берилди. Жайластырыў процесинде талап усыныстан 4 есеге жоқары болып, ири инвесторлар тәрепинен дерлик 3 миллиард долларлық буйыртпалар берилди.

Енди қор портфелиндеги 13 ири компанияда трансформация процесслерин жеделлестирип, оларды IPO ға таярлаў ўазыйпасы тур. Соның ишинде, “Uzbekistan Airways”, “Өзсанаатқурылысбанк,” “Өзбекгидроэнерго,” “Өзбекстан миллий электр тармақлары” ҳәм “Өзбектелеком” бойынша жумысларды усы жылдың өзинде жуўмақлаў мақсет етилген.

Презентацияда “Uzbekistan Airways”, АЖ мысалында бул процесслерди шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.

“Franklin Templeton” ўәкиллери тәрепинен миллий авиакомпанияның жумысы диагностикадан өткерилип, 115 илаждан ибарат трансформация бағдарламасы ислеп шығылған. Бул бағдарлама толық әмелге асырылса, компанияның операциялық дәраматларын бир жылда 120 миллион долларға арттырыў имканияты бар екенлиги есап-санақ етилген.

Соның ишинде, маршрутларды оптималластырыў, тиккелей сатыўларды арттырыў ҳәм қарыйдарлар менен ислесиў системасын жетилистириў, пәрўазлар арасындағы ўақытты қысқартыў, рейслерди бийкарлаў жағдайлары ҳәм кешигиўлерди азайтыў, кейтеринг ҳәм техникалық хызмет көрсетиў сыяқлы система кәрханаларының нәтийжелилигин арттырыў, базардағы жағдайға жедел бейимлесиў ҳәм маман қәнигелерди тартыў есабынан қосымша дәрамат алыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Бул илажлар нәтийжесинде авиакомпанияның базар баҳасын 1,6 миллиард доллардан 2,3 миллиард долларға шекем арттырыў имканияты бар. Соның менен бирге, бағдарлама ислеп шығылғанына бир неше ай болғанына қарамастан, оны әмелге асырыў жумыслары төмен дәрежеде баратырғаны көрсетип өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы компанияны халықаралық капитал базарына таярлаў ушын, бәринен бурын, басқарыўдың сапасын түп-тийкарынан арттырыў, финанслық тәртипти беккемлеў, есабатларды халықаралық стандартлар тийкарында жүргизиў ҳәм кредит рейтингин жақсылаў зәрүр екенлигин атап өтти.

Жылдың ақырына шекем миллий авиакомпанияның 15-20 процент акциясын халықаралық IPO арқалы сатыў мақсет етилген. Оның ушын компания жумысын қалыс баҳалаў, оның инвестициялық тартымлылығын арттырыў, арнаўлы ҳаўа кемелерин компания балансынан шығарыў, мәмлекетлик буйыртпа тийкарында орынланған хызметлерди қаплаў механизмин енгизиў бойынша әмелий илажлар көрилиўи белгиленди.

Презентацияда туризм тараўындағы жоқары өсиў пәтлери авиакомпания алдына жаңа талаплар қойып атырғаны да атап өтилди. Жыл басынан елимизге келген туристлердиң саны 27,5 процентке артып, дерлик 5,5 миллионға жетти. Әсиресе, Қытай, Малайзия, Япония ҳәм АҚШ тан келип атырған туристлердиң саны сезилерли көбейген.

Ҳәзирги ўақытта миллий авиакомпания бул өсиўге жетерли дәрежеде тез бейимлесе алмай атырғаны көрсетип өтилди. Самолётлар паркин кеңейтиў жумысларында кешигиўлер бар.

Сол себепли, авиакомпанияда сатып алыў системасын айрықша тәртип тийкарында шөлкемлестириў, самолётлар паркин кеңейтиў бойынша оператив қарарлар қабыл етиў ҳәм бул процесслерде халықаралық әмелиятты енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Президентимиз Ташкентти Орайлық Азияның ири авиахабына айландырыў ушын барлық имканиятлар бар екенлигин атап өтти. Оның ушын “Uzbekistan Airways”,  “Uzbekistan Airports”  ҳәм “Жаңа Ташкент” аэропорты арасындағы бирге ислесиўди бирден-бир система тийкарында муўапықластырыў, инфраструктура, жөнелислер ҳәм транзит тармағын өз-ара байланыслы ҳалда раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жуўапкерлерге Миллий инвестиция қорының портфелиндеги кәрханаларды трансформациялаўды системалы шөлкемлестириў ушын өз алдына жойбарлаў офисин иске қосыў, компаниялардың басқарыў уйымларына халықаралық финанс базарларының талапларын жақсы билетуғын, әмелий тәжирийбеге ийе қәнигелерди тартыў, ҳәр бир кәрхана бойынша IPOға таярлықтың анық графигин ислеп шығыў ҳәм орынланыўын қатаң қадағалаў тапсырылды.

ӨзА