Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он екинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме

108

Усы жылдың 15-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он екинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, депутатлар, министрликлер ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басқарып барды.

Сессия күн тәртибинде дәслеп «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы мәселе қаралып, Жоқарғы Кеңестиң Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик уйымлардыӊ ашық-айдынлығын тәмийинлеў мәселелери комитетиниң баслығы Ш.Отемисов баянат жасады. Күн тәртибиндеги мәселе толық көрип шығылып, депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң баслығы И.Ниязов баянат жасады. Бул мәселе де толық көрип шығылып, тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан соң Бюджет дәраматлары режесиниң орынланыўы ҳәм салық қарыздарлықларын кемейтиўде әмелге асырылған жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасына парламентлик сораў жибериў туўралы мәселе қаралды. Бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитетиниң баслығы Б.Сейтназаров баянат жасады. Күн тәртибиндеги мәселе  қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Сессия күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық ўәкилиниң 2025-жылда әмелге асырған жумыслары ҳаққында болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық ўәкили Ж.Шлымбетов баянат жасады. Бул мәселе бойынша да депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Сессия даўамында Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң 2025-жылда орынланыўын сыртқы аудит ҳәм баҳалаўдан өткериўдиң жуўмағы туўралы мәселе бойынша Есап палатасының бас инспекторы – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиндеги ўәкили Х.Қурбонов баянат жасады. Бул мәселе де толық қарап шығылып, депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, сессияда коммерциялық банклер тәрепинен бағдарламалар шеңберинде кредит қаржыларының ажыратылыўы, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары менен ислесиў, сондай-ақ, хызметкерлер арасында коррупцияның алдын алыўға қаратылған жумыслар бойынша Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасына жиберилген Парламентлик сораўдың нәтийжеси туўралы мәселе көрип шығылды.

Жоқарғы Кеңестиң өткен тоғызыншы сессиясында усы мәселе бойынша Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасына Парламентлик сораўы жиберилгенин атап өтиў орынлы.

Бул сессияда Парламентлик сораўдың нәтийжеси бойынша Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығы А.Исаков баянат жасады. Бул мәселе де көрип шығылып, тийисли қарар қабыл етилди.

Сессия күн тәртибинде өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы ҳәм оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған пуқаралардың дизимин сессия қарары менен тастыйықлаў мәселеси де көрип шығылды.
Өзбекстан Республикасының арнаўлы Нызамын басшылыққа алып, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы және оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған 800 пуқараның дизими сессия қарары менен тастыйықланды.

Сессия күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары – жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығын сайлаў туўралы мәселе көрип шығылды. Сессияда усы лаўазымға Елубай Абибуллаевтиң кандидатурасы усынылып, талабанның кандидатурасы депутатлар тәрепинен мақулланды ҳәм Е.Абибуллаев – Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары – жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы лаўазымына сайланды.

Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў мәселеси ҳаққында болып, бул мәселе бойынша да депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он екинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Дерек: https://joqargikenes.uz/kk/posts/3005/