Президент тапсырмасына тийкарланып ҳәр бир аймақ басшысы жеке қабыллаў өткереди

99

 

Президент Халық қабыллаўханасы мәмлекет басшысының тапсырмасына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси баслықлары, Ташкент қаласы, ўәлаятлар ҳәкимлери ҳәм олардың орынбасарлары, район-қала ҳәкимлери ҳәм олардың орынбасарлары системалы түрде аймақлық Халық қабыллаўханаларында жеке қабыллаўлар өткеретуғынын ҳәм оның ўақытларын жәриялады.

Жеке қабыллаў ўақытлары:

– Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – ҳәр айдың биринши ҳәм үшинши шемби күнлери саат 10:00 – 12:00;

– Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы – ҳәр айдың екинши ҳәм төртинши шемби күнлери саат 10:00 – 12:00;

– Ташкент қаласы ҳәкими – ҳәр айдың екинши, үшинши ҳәм төртинши пийшемби күнлери саат 15:00 – 17:00;

– Әндижан ўәлаяты ҳәкими – ҳәр шемби күни саат 10:00 – 16:00;

– Бухара ўәлаяты ҳәкими – ҳәр айдың биринши, екинши, төртинши шемби күнлери саат 10:00-12:00;

– Жиззах ўәлаяты ҳәкими – ҳәр шемби күни саат 9:00-17:00;

– Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкими – ҳәр айдың екинши, үшинши, төртинши шемби күнлери саат 11:00 – 14:00;

– Наўайы ўәлаяты ҳәкими – ҳәр айдың екинши, үшинши ҳәм төртинши сийшемби күнлери саат 10:00 – 12:00;

– Наманган ўәлаяты ҳәкими – ҳәр айдың екинши, үшинши ҳәм төртинши шемби күнлери саат 10:00 – 12:00;

– Самарқанд ўәлаяты ҳәкими – ҳәр жума күни саат 10:00 – 12:00;

– Сырдәрья ўәлаяты ҳәкими – ҳәр дүйшемби күни саат 9:00 – 11:00;

– Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими – ҳәр айдың биринши, үшинши ҳәм төртинши шемби күнлери саат 14:00 – 17:00;

– Ташкент ўәлаяты ҳәкими – ҳәр жума күни саат 14:00 – 15:00;

– Ферғана ўәлаяты ҳәкими – ҳәр айдың биринши, үшинши, төртинши пийшемби күнлери саат 11:00 – 13:00;

– Хорезм ўәлаяты ҳәкими – ҳәр айдың екинши, үшинши ҳәм төртинши жума күнлери саат 10:00 – 12:00.

Сондай-ақ, аймақлар басшыларының орынбасарларының қабыллаў ўақытлары менен усы силтеме арқалы танысыў мүмкин.

Объектив себеплерге байланыслы жеке қабыллаўлар өткериў имканияты болмағанда, қабыллаў басқа күнде гезексиз шөлкемлестириледи ҳәм белгиленген тәртипте алдыннан жәрияланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги