Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинге туўылған күни мүнәсибети менен қутлықлаў жоллады

Хатта Қытай Халық Республикасы ҳәм Қытай Коммунистлик партиясының уллы сиясий ўәкили сыпатында Си Цзиньпин Ўатан ҳәм халыққа болған шексиз меҳир-муҳаббат, үлкен жуўапкершилик сезими ҳәм узақты көре алыўға тийкарланған стратегиялық ой-пикир менен мәмлекет халқын жаңа шеклерге баслап баратырғаны атап өтилди.
“Сизиң дана басшылығыңыз астында Қытай модернизациясы избе-из даўам етпекте, миллеттиң уллы тиклениўи ҳәм раўажланыўына қаратылған сиясатыңыз мәмлекетиңиз тарийхына жарқын бет сыпатында жазылмақта”, – делинеди хатта.
Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы қатнасықлардың бүгинги жоқары пәтине айрықша итибар қаратылды. Кейинги жылларда еки мәмлекет арасындағы дослық, өз-ара исеним ҳәм барлық шараятлардағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықлары жылдан-жылға беккемленип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
“Биз Жаңа Өзбекстанда алып барып атырған жедел реформаларымызда Қытай Халық Республикасы ҳәм жеке өзиңиздиң турақлы жәрдемиңиз ҳәм қоллап-қуўатлаўыңызды жақыннан сезип келмектемиз”, – делинеди хатта.
Өткен жыллар даўамында барлық тийкарғы тараўларда өз-ара пайдалы ҳәм көп басқышлы бирге ислесиў механизмлери қәлиплестирилгени, “Бир мәкан – бир жол” басламасы шеңберинде үлкен әмелий нәтийжелерге ерисилгени атап өтилди.
Президент Шавкат Мирзиёев улыўма ҳәрекетлер ҳәм жоқары дәрежедеги сапар етиўлер даўамында ерисилген барлық келисимлерди толық әмелге асырыў арқалы Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы бирге ислесиўди жаңа сапа басқышына көтериў мүмкин екенине исеним билдирди.
Жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Си Цзиньпинге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысында үлкен табыслар, дос Қытай халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм турақлы раўажланыў тиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги