Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трампқа туўылған күни – юбилей байрамы мүнәсибети менен қутлықлаў жоллады

“Сизди бай тәжирийбеге ийе, өз халқының ҳүрмет-иззетине ерискен белгили мәмлекетлик ғайраткер сыпатында жақсы билемиз. Сизиң исенимли сиясий жетекшилигиңиз ҳәм беккем ерк-ықрарыңыз себепли Америка Қурама Штатларының халықаралық майдандағы абырайы ҳәм қүдирети барған сайын беккемленип атырғанын айрықша атап өтиўди қәлер едим”, – делинеди хатта.
Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы қатнасықлардың бүгинги пәтине айрықша итибар қаратылды. Өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм уқсас мәплерге тийкарланған байланыслар кейинги жылларда избе-из раўажланып, сапа ҳәм мазмун жағынан және де байып атырғаны атап өтилди.
“Бүгин Өзбекстан – АҚШ байланыслары ҳәр қашанғыдан да беккем ҳәм әмелий руўхқа ийе болып атырғаны да әйне ҳақыйқат болып есапланады”, – делинеди хатта.
Мәмлекетимиз басшысы ашық ҳәм конструктивлик бирге ислесиўге умтылып атырған мәмлекет сыпатында Өзбекстан АҚШ пенен көп қырлы ҳәм стратегиялық шерикликке тийкарланған байланысларды және де тереңлестириўден мәпдар екенин билдирди. Соның ишинде, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға айрықша әҳмийет қаратылып атырғаны атап өтилди.
Президентимиз Дональд Трамптың тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған халықаралық ҳәрекетлерин жоқары қәдирлейтуғынын атап өтти.
Ҳәр қыйлы халықаралық ҳәм регионаллық платформалар шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиў буннан былай да раўажланып, жаңа әмелий нәтийжелер менен байып баратуғынына исеним билдирилди.
Стратегиялық шерикликтиң перспективалы бағдарларын толық додалаў мақсетинде Президентимиз америкалы кәсиплесин Өзбекстанға дәслепки тарийхый сапар менен келиўге мирәт етти.
Жуўмағында Президентимиз Дональд Трампқа беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысында үлкен табыслар, дос Америка халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм абаданлық тиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги