Нөкис қаласындағы 10-санлы көзи әззи ҳәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатында «Ҳәр бир инсанға мийрим-шәпәәт көрсетиў-миннетимиз» сүрени астында қайырқомлық илажы болып өтти.

Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген илажда депутатлар, партия белсендилери мектеп-интернатында оқыўшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

2001-жылы ашылған бул мектеп-интернатында бүгинги күни 233 оқыўшы билим алып, оларға 88 муғаллим, 62 тәрбияшы ҳәм 39 басқа да хызметкерлер тәлим-тәрбия берип келмекте. Соның менен бирге, 3 шыпакер, 1 мийирбийке жумыс алып бармақта. Оқыўшылар 150 орынлық жатақхана менен тәмийинленген. Быйылғы оқыў жылында 1-класс оқыўшылары 13 атамадағы оқыў қураллары менен бийпул тәмийинленди. Тәрбияланыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде бул жерде 19 дөгерек ислеп тур.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-декабрьдеги «Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында майыплығы болған шахслардың турмыс сапасын ҳәм дәрежесин арттырыўға, олардың билим алыўын, арнаўлы кәсип-өнерге таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасын жетилистириўге, медициналық-социаллық мәкемелердиң, арнаўлы оқыў орынларының материаллық-техникалық тәмийинлениўин жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта. Деген менен, машқалалар да аз емес.

-Илаждың мақсети, депутатлар ҳәм партия белсендилериниң қатнасында машқалаларды орынларда үйренип шығыў ҳәм мәпдар шөлкемлер менен биргеликте оның шешимин табыў,-дейди Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Халилла Ешимбетов.-Үйрениўлер барысында ҳақыйқатында да, оқыўшыларды арнаўлы сабақлықлар, дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеўде, соның менен бирге, олардың турақлы спорт пенен шуғылланыўларында машқалалардың бар екенлиги мәлим болды. Биз бул машқалаларды тийисли орынларға жеткеремиз ҳәм шешимин қадағалаўға аламыз.

Мектеп оқыўшылары арасында «Китапқумар» таңлаўы өткерилди. «Мен сүйген китап», «Мен сүйген шығарма» ҳәм әдебий оқыў басқышлары бойынша өткерилген жарысқа 9 оқыўшы қатнасты. «Ең жас китапқумар оқыўшы», «Ең зийрек оқыўшы», «Ең излениўшең оқыўшы», «Ең талапшаң оқыўшы», «Ең жас дөретиўши оқыўшы», «Ең билимдан оқыўшы», «Ең жақсы  китапқумар оқыўшы», «Ең шаққан оқыўшы», «Ең үлгили оқыўшы» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланып, оларға Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Усы күни  мектеп-интернаты оқыўшыларының И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхаты шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.