Нәшебентликке қарсы гүресиў ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев халықтың саламатлығын ҳәм миллет генофондын нәшебентликтен қорғаў, сондай-ақ, жол ҳәрекети қатнасыўшыларының қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған нызамшылықты жетилистириў бойынша презентация менен танысты.
Бәринен бурын, нәшебентлик қураллары, психотроп затлар, олардың аналоглары және күшли тәсир ететуғын элементлердиң нызамға қайшы айланысы ушын жуўапкершиликти күшейтиўге қаратылған нызамның мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул нызам парламент тәрепинен қабыл етилген.
Нызам менен Жынаят кодексине “Халықтың саламатлығы ҳәм генофондына қарсы жынаятлар” атамасындағы жаңа бап киргизилмекте, бул арқалы халықтың, әсиресе, жаслардың саламатлығына қәўип туўдырып атырған қәўипли қылмыслар ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў нәзерде тутылған.

Нарколожынаятлардың заманагөй усыл ҳәм түрлери есапқа алынып, нызамсыз нарколаборатория шөлкемлестириў, наркотиклердиң нызамсыз айланысына басшылық етиў, нәшебентлик үйин шөлкемлестириў сыяқлы қылмыслар ушын айрықша жуўапкершилик белгиленбекте. Сондай-ақ, 10 нан аслам қәўипли қылмыс бойынша жаза илажлары аўырластырылады.
Мәмлекетимиз басшысы бул нызам наркожынаятшылыққа қарсы гүресиўди жаңа басқышқа алып шығыў, халықтың саламатлығын ҳәм миллет генофондын қорғаўда әҳмийетли ҳуқықый тийкар болатуғынын атап өтти ҳәм оған қол қойды.
Презентацияда уйымлараралық жумысшы топар тәрепинен ислеп шығылған “Нәшебентлик затлар ҳәм күшли тәсир ететуғын элементлер ҳаққында”ғы нызам жойбары ҳаққында да мәлимлеме берилди.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары наркожағдай түп-тийкарынан өзгерип, дәстүрий нәшебентлик қуралларының орнын синтетикалық наркотиклер ийелемекте. Оларды тарқатыў усыллары да өзгерип, тийкарынан, интернет арқалы контактсыз түрде әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, мәмлекет ишинде жасырын лабораториялар пайда болып атырғаны бул тараўда ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик механизмлерди түп-тийкарынан қайта көрип шығыўды талап етпекте.
Жаңа нызам жойбарында мәмлекетлик сиясаттың 7 тийкарғы бағдары белгиленбекте. Олардың арасында халық, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жасларда “нәшебентликке қарсы иммунитет”ти қәлиплестириў, интернет арқалы жүз берип атырған нәшебентлик жынаятларына шек қойыў, нәшебентликтиң ерте профилактикасы, диагностикасы, емлеў ҳәм медициналық-социаллық реабилитация системасын жетилистириў сыяқлы илажлар бар.

Жойбарда наркотиклер айланысы, нәшебентлик ҳәм наркожынаятшылыққа қарсы гүресиўде тиккелей қатнасатуғын 14 мәмлекетлик уйымның ўазыйпалары менен ўәкилликлерин анық белгилеў нәзерде тутылған. Нызамлы айланыстағы статьялар үстинен мәмлекетлик қадағалаў күшейтилип, оларды алып кириўден баслап, реализациялаўға шекемги процесслер үзликсиз электрон қадағалаўға алынады.
Прекурсорлар, нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затлардың айланысын қатаң тәртипке салыўды буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар да көрип шығылды. Бул бағдарда электрон қадағалаў системасын енгизиў, нызамсыз жағдайларға қарсы уйымлараралық бирге ислесиўди күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Презентацияда жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Айырым пуқаралар тәрепинен жас өспирим шахсларға транспорт қуралын басқарыўға руқсат берилип атырғаны, бул болса жолларда өлим ҳәм аўыр жарақат алыў жағдайларына себеп болып атырғаны атап өтилди.
Сол себепли, жаңаша қатнас тийкарында жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў, аўыр ақыбетли авариялардың алдын алыў, бул ушын жуўапкершиликти күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Президентимиз нәшебентлик ҳәм наркожынаятшылыққа қарсы гүресиўди заман талаплары тийкарында шөлкемлестириў, жаслар арасында бул иллеттиң тарқалыўына қатаң шек қойыў, сондай-ақ, жолларда инсан өмири ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша усынысларды мақуллады. Додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
ӨзА