Қараөзек районы жаслары менен ушырасыў өткерилди

128

Президентимиз тәрепинен алға қойылған ҳәм бүгинги күнде турақлы әмелге асырылып атырған “Ҳәр пийшемби – Жаслар күни” басламасы елимизде жаслар менен ислесиўдиң пүткиллей жаңа, нәтийжели ҳәм мәнзилли системасын қәлиплестирмекте.

Бул баслама жаслардың тек ғана машқалаларын тыңлаў емес, ал олардың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыў, потенциалын толық көрсетиўи ушын беккем тийкар жаратпақта.
Мине усындай ийгиликли илажлар шеңберинде бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районындағы бир қатар жумыссыз ҳәм аталыққа алынған жаслар менен ушырасыў өткерди.
Илажда атап өтилгениндей, елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бири есапланады.
Өткерилген ушырасыўда бул бағдарда жасларға жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди. Соның менен бирге, мине, усы имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында үлкен табысларға ерисип атырған жаслардың қатары барған сайын көбейип атырғаны айрықша тилге алынды. Ушырасыў даўамында аймақ жаслары да белсендилик көрсетип, өзлерин қызықтырып атырған мәселелерин, ушырасып атырған машқалаларын, усыныс ҳәм басламаларын тиккелей билдирди. Атап айтқанда, исбилерменликти жолға қойыў, жеңиллетилген кредитлерден пайдаланыў, кәсип-өнер үйрениў ҳәм билимлендириў тараўына тийисли мәселелер көрсетип өтилди.

Ең әҳмийетлиси, ҳәр бир билдирилген мәселе Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тараў жуўапкерлерине оларды қысқа мүддетлерде унамлы шешиў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги