Балықшылық тармағын раўажландырыў илажлары додаланды

192

Президент Шавкат Мирзиёев балықшылық тармағын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаўға қаратылған усыныслардың презентациясы менен танысты.

Балықшылық азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, аўыл халқының дәраматларын арттырыў ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўда әҳмийетли бағдар болып есапланады. Дүньяда аквакультура жедел раўажланбақта. Биринши мәрте жетистирилген балық муғдары тәбийий суў бассейнлеринде аўланған балық муғдарынан артып кетти.

Елимизде бул тараўды раўажландырыў ушын үлкен имканиятлар бар. Өзбекстанда 173 мың километр дәрья ҳәм канал аңғарлары бар. Суў ресурслары шекленген болыўына қарамастан, мәмлекетимиз Орайлық Азияда балық жетистириў көлеми бойынша жетекши орында тур. 2025-жылы 206 мың тонна балық жетистирилген.

Соңғы жыллары халық санының өсиўи менен белоклы өнимлерге болған талап та артып бармақта. Балық болса экономикалық жақтан нәтийжели, диеталық ҳәм халықтың саламатлығы ушын пайдалы азық-аўқат дереги болып табылады. Сонлықтан, әпиўайы көл балықшылығынан суўды үнемлейтуғын, қайта айландыратуғын ҳәм интенсив технологияларға тийкарланған системаға өтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Презентацияда 329 тәбийий суў бассейни ҳәм суў сақлағышы және олардың әтирапындағы 163 мың гектар жер майданларын ижараға бериўдиң жаңа, ашық-айдын системасын енгизиў, интенсив балықшылық ҳәм нәсилшилик хожалықларына ҳәр жылы зәрүр муғдарда суў жеткерип бериў кепиллениўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бүгинги күнде интенсив усылда балық жетистириў көлеми улыўма өндиристиң 20 процентинен артпай атыр. Бундай технологиялар өнимдарлық ҳәм дәраматты бир неше есеге арттырады. Егер  имканиятлар толық иске қосылса, балық жетистириў көлемин 5 есеге арттырыў мүмкин екенлиги айтып өтилди.

Тараўда жаңа технологияларды енгизиў ҳәм исбилерменлерди қаржылай қоллап-қуўатлаў, атап айтқанда, жабық суў айланысы системасын орнатыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў, нәсилли ана балықларды импорт етиў ушын субсидия ажыратыў, қуяш панельлерин орнатыў ушын субсидия бериў ҳәм айланыс қаржы ушын жеңиллетилген кредитлердиң процент қәрежетлериниң бир бөлегин компенсациялаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Балықшылық хожалықларына кредитлер ажыратыў, миллий ҳәм сырт ел валютасындағы кредитлер бойынша процент қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў механизмлери енгизиледи.

Усы имканиятлар есабынан келеси жылы балық жетистириў көлемин 500 мың тоннадан арттырыў илажларын көриў тапсырылды.

Презентацияда нәсилшилик ҳәм илимий қатнас мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Сапалы шабақ ҳәм жақсы генетика жоқары өнимдарлықтың тийкарғы шәрти екени атап өтилди. Сонлықтан, карп, ылақа, форель, осётр сыяқлы балық түрлериниң нәсилин жақсылаў, жаңа нәсиллерди жергиликли климат шараятына бейимлестириў бойынша жумыслар жолға қойылады.

Келеси жылдан таў алды аймақларында форель ҳәм осётр балығын жетистириў қуўатлықларын жаратыў режелестирилген. Балықшылық илимий-изертлеў институты ушын Аҳангаран дәрьясы бойында тәжирийбе-сынақ майданы шөлкемлестириледи. Миллий карп нәсилин жаратыў бойынша сырт ел грантлары тартылады.

Тараўда маман кадрлар таярлаў да әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленди. Аграр университет Астрахан мәмлекетлик техника университети ҳәм Қытайдың Далян океан университети менен биргеликте балықшылық ҳәм аквакультура бойынша қосымша факультет ашыў усынысы көрип шығылды.

Балықшылық тармағын санластырыў мәселесине айрықша тоқтап өтилди. Суўдан пайдаланыў жағдайы, жер майданлары, нызамсыз балық аўлаў, салық төлемлери, аўланған балық өнимлери ҳаққындағы мағлыўматларды бирлестирген бирден-бир электрон платформаны жаратыў усыныс етилди. Тараўға жасалма интеллект технологияларын енгизиўди кеңейтиў арқалы қәрежетлерди қысқартыў ҳәм өнимдарлықты арттырыў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.

Президентимиз усынысларды мақуллап, тараўды қоллап-қуўатлаў илажларын буннан былай да кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Жуўапкерлерге балықшылық тармағын заманагөй технологиялар, илимий қатнас ҳәм нәтийжели басқарыў тийкарында раўажландырыў, исбилерменлер ушын қолайлы шараятлар жаратыў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм халықтың дастурханына арзан, сапалы балық өнимлерин жеткерип бериў бойынша тапсырмалар берилди.

 

 ӨзА