Қала қурылысы ҳәм турақ жай қурылысы тараўын раўажландырыў бойынша жаңа басламалар додаланды

90

Президент Шавкат Мирзиёев урбанизация ҳәм қала қурылысы тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша презентация менен танысты.

Соңғы жыллары елимизде қала халқының үлеси 50 проценттен асты ҳәм келеси жылларда бул көрсеткиш және де өсиўи күтилмекте. Халықтың саны ҳәм қурылыс пәтлериниң артып атырғаны қала қурылысы режелерин заманагөй талаплар тийкарында ислеп шығыў, жасыл аймақларды сақлаў, тарийхый-мәдений мийрасты қорғаў, инженерлик ҳәм транспорт инфраструктурасын сәйкес раўажландырыўдың барған сайын әҳмийетин арттырмақта.

Бүгинги күнде республикадағы 8 мың 604 елатлы пункттен 2 мың 506 сы ямаса 29 проценти бас режелер менен қамтып алынған. 2026-жылы және 154, 2027-жылы болса 144 елатлы пункт ушын бас режелер ислеп шығылыўы режелестирилген. Әмелдеги бас режелердиң 1 мың 44 и электрон түрге өткерилген.

Соның менен бирге, айырым аймақларды раўажландырыў бойынша 2024-2025-жылларда 275 мастер-реже ислеп шығылған болса да, олардың бирден-бир есабы жүргизилмеген, бас режелер менен өз-ара байланыспаған. Бул болса аймақларды комплексли раўажландырыў, инфраструктура, транспорт, инженерлик тармақлары ҳәм социаллық объектлерди сәйкес режелестириўде бир қатар машқалаларды келтирип шығармақта.

Усы мүнәсибет пенен бас реже ҳәм мастер-режелер менен ислесиўдиң жаңа системасы усыныс етилди. Оған бола, биринши басқышта бас режелер бойынша мағлыўматлар толық жыйналады ҳәм актуалластырылады, екинши басқышта санластырыў жумыслары әмелге асырылады, үшинши басқышта мониторинг системасы жолға қойылады, төртинши басқышта болса комплексли мәлимлеме-таллаў системасы қәлиплестириледи.

Бул процессте қала қурылысы ҳүжжетлериниң бирден-бир электрон реестри жүргизиледи. Дизимнен өтпеген ҳүжжетлер юридикалық күшке ийе болмайтуғыны белгиленеди. Урбанизация орайына қала қурылысы геоинформация системасын жүргизиў, комплексли қурылыс процесслеринде топогеодезия жумысларын муўапықластырыў ҳәм аймақлық архитектура-режелестириў кеңеслериниң жумысын методикалық тәмийинлеў сыяқлы қосымша ўазыйпалар жүкленеди.

Урбанизация, геодезия, кадастр, жойбарлаў, агломерацияларды басқарыў ҳәм геомәлимлеме системалары менен ислей алатуғын орта ҳәм жоқары буўын қәнигелерине талап артып бармақта.

Усы мақсетте Ташкент геодезия ҳәм картография техникумын Урбанистика, геодезия ҳәм кадастр техникумы сыпатында қайта шөлкемлестириў усыныс етилди. Онда орта буўын ушын өлшеўшилер, кадастр ҳәм геодезия, компьютер графикасы дизайн операторлары және компьютер кадастр бағдарламалары бағдарларында кадрлар таярланады.

Жоқары билимлендириў системасында Ташкент архитектура-қурылыс университетинде “Заманагөй урбанизация ҳәм агломерацияларды басқарыў” факультетин ашыў режелестирилген.

Барлық аймақларда урбанизация, жойбарластырыў ҳәм архитектура бағдарларын бир жерде жәмлейтуғын креатив парклер шөлкемлестириў де усыныс етилди. Оларда лабораториялар, конструкторлық устаханалар, программалық тәмийнат, жойбарлаў хызметлери, онбординг, нетворкинг ҳәм коворкинг майданлары шөлкемлестириледи. Креатив парк резидентлерине физикалық шахслардың дәрамат салығы ҳәм социаллық салық бойынша жеңилликлер бериў нәзерде тутылмақта.

Презентацияда қала қурылысы тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершиликти күшейтиў мәселеси де көрип шығылды. Нызамсыз ҳәм рухсатсыз қурылыслар, қурылыс мүддетлериниң жасалма түрде создырылыўы, жер участкаларынан нәтийжесиз пайдаланыў сыяқлы машқалалар сақланып қалып атырғаны атап өтилди.

Әмелдеги жәриймалар тәсиршең емес екенлиги көрсетип өтилди. 2025-жылы 1 мың 952 нызамсыз қурылыс анықланған. Усы мүнәсибет пенен ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық санкцияларды күшейтиў усыныс етилди.

Үлеске киргизиў тийкарында көп квартиралы турақ жай қурылысы тараўындағы жағдай да талланды. Соңғы жыллары бундай турақ жайлардың қурылыс көлеми 2,5 есеге көбейип, өткен жылы 11 миллион квадрат метрден асты. Соның , үлесли турақ жай қурылысы менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар да көбейген. Өткен жылдың өзинде 3 мыңға шамалас пуқараға 668 миллиард сумлық зыян жеткерилген.

Сонлықтан, үлесли қурылысқа байланыслы нызам жойбары ислеп шығылған. Онда үлесли қурылыс жойбарларын жаңаша қатнаслар тийкарында тәртипке салыў, пуқаралардың қаржыларын қорғаў ҳәм қурылыс процесслеринде ашық-айдынлықты тәмийинлеў нәзерде тутылған.

Үлесли қурылысты қаржыландырыўдың жаңа системасы – эскроу есаплары механизми де додаланды. Онда қарыйдарлардың қаржылары ўәкилликли банктеги арнаўлы есапта сақланады, қурылыс жумыслары белгиленген шәртлер тийкарында орынланғаннан соң ғана қурылысшыға өткериледи.

Эскроу системасы төрт тийкарғы қағыйдаға тийкарланады. Бириншиден, эскроу есап бетлерине түскен қаржылар кредиторлардың өндириўине қаратылмайды. Екиншиден, инвесторлар ҳәм қурылысшылар тек ғана ўәкилликли банклер арқалы ислейди. Үшиншиден, тапсырыў актине қол қойылғаннан соң қаржылар қурылысшыға өткериледи. Төртиншиден, шәртнама бийкар етилгенде үлесшилердиң қаржысы толық қайтарылады.

Жаңа системада “Uy-joy”  бирден-бир мәлимлеме платформасы әҳмийетли орын ийелейди. Бул платформада барлық қурылыс процесслери ашық электрон түрде жүргизиледи, девелоперлер рейтинги, рухсатнамалар, жойбар ҳәм қурылыс процеси, эскроу есап бетлери ҳәм шәртнамалар бойынша мағлыўматлар бирлестириледи.

Презентацияда бир қурылыс объекти бойынша мағлыўматлар ҳәзирги ўақытта бир неше мәлимлеме системаларында өз алдына жүргизилип атырғаны да көрсетип өтилди. “UzKad”, “E-auksion”, “E-qaror”, “Шаффоф қурилиш”, “Менинг уйим”  сыяқлы системалардағы мағлыўматлар өз-ара байланыспағаны себепли жер участкасы, жойбар ҳүжжетлери, экспертиза, қурылысқа рухсатнама ҳәм объектти пайдаланыўға тапсырыўға шекемги процесслер пытыраңқы ҳалда қәлиплеспекте.

Усы мүнәсибет пенен қурылыс процесслерине бирден-бир идентификатор, аймақтың санлы паспорты, жойбардың санлы паспорты ҳәм объекттиң санлы паспортын енгизиў усыныс етилди. Бул объекттиң пүткил турмыс циклин бирден-бир санлы контурда қамтып алыў имканиятын береди.

Қала қурылысын реновациялаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Республикада 1991-жылға шекем қурылған 17 мың турақ жайдың орнына заманагөй, энергияны үнемлейтуғын, инфраструктура менен тәмийинленген көп квартиралы турақ жайлар қурыў мүмкин екенлиги көрсетилди.

Ҳәзирге шекем реновация процесслерин тәртипке салатуғын бирден-бир нызам жоқ еди. Сонлықтан, қала қурылысын реновациялаў ҳаққындағы жаңа нызам жойбары ислеп шығылған. Онда реновация аймақларын белгилеў, халықтың разылығын алыў, компенсация ҳәм көшириў тәртиплери, инвесторлардың миннетлемелери ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлерин анық белгилеў нәзерде тутылмақта.

Реновация жойбарлары арқалы ескирген турақ жай фондын жаңалаў, халық ушын қәўипсиз ҳәм қолайлы жасаў шараятларын жаратыў, инженерлик-коммуникация тармақларын модернизациялаў, жасыл аймақлар ҳәм социаллық инфраструктураны кеңейтиў мақсет етилген.

Президентимиз қала қурылысы ҳәм урбанизация тараўындағы реформалар халық ушын қолайлы орталық ҳәм турақлы раўажланыў принциплерине тийкарланыўы зәрүр екенлигин атап өтти.

Жуўапкерлерге бас режелер ҳәм мастер-режелерди санластырыў, “Uy-joy” бирден-бир платформасын иске қосыў, үлесли қурылыста пуқаралардың ҳуқықларын кепиллеў, эскроу механизмлерин енгизиў және реновация бойынша анық ҳәм әдил тәртиплерди қәлиплестириў бойынша тапсырмалар берилди.

 

ӨзА