Ислам цивилизациясы орайының жумыс нәтийжелери ҳәм келешектеги режелери көрип шығылды

82

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының жумыс нәтийжелери ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў режелери бойынша презентация менен танысты.

Мәмлекетимизде миллий өзликти аңлаў, бай тарийхый-мәнаўий мийрасымызды терең үйрениў, уллы ойшылларымыздың илимий мийрасын халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы болса, мине усы бағдарда миллий ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе заманагөй мәдений-ағартыўшылық платформа сыпатында қәлиплеспекте.

Презентацияда өткен дәўирде орай тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.

Орай усы жылдың 17-март күни саўлатлы имаратта рәсмий жумыс баслады. 1-июнь жағдайына бола, орайға ярым миллион жергиликли ҳәм сырт ел мийманлары келген. Күнлик сапар етиўлер саны орташа 6 мыңды қурамақта. Усы дәўирде мәкемеге 150 ден аслам сырт ел делегациясы ҳәм 2 мыңнан аслам сырт ел мийманлары келген.

Комплекс қурамында Балалар музейи шөлкемлестирилди, Имам Бухарий инновациялық музейиниң жумысы жолға қойылды. Имаратқа Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы жайластырылды. Гид-экскурсоводлар ҳәм бақлаўшылар хызмети шөлкемлестирилди.

Илимий ҳәм инновациялық бағдарда 810 жойбар әмелге асырылды. Бул жумысларда 2 мыңға шамалас жергиликли ҳәм сырт ел илимпазлары қатнасты.

Орайда конференциялар, семинарлар, дөгерек сәўбетлери, шеберлик сабақлары ҳәм китап презентациялары шөлкемлестирилип келинбекте. Бул илажларға бүгинги күнге шекем 5 мыңнан аслам қатнасыўшы тартылды.

Мәдений мийрасты қайтарыў ҳәм фондларды байытыў бағдарында да салмақлы жумыслар әмелге асырылды. Жәми 1 мыңнан аслам артефакт Өзбекстанға қайтарылды. Орайдың китапхана фонды да байытылмақта. Ҳәзирги күнде фонд қурамында 3 мыңнан аслам сийрек ушырасатуғын басылым болып, 762 си имканияты шекленген шахслар ушын мөлшерленген. Фонд санластырылмақта, электрон чиплер орнатылмақта.

Мәкеме жумысына заманагөй технологиялар ҳәм санлы инновациялар да кеңнен енгизилмекте. Мийманлар ушын робот-гидлер сатып алынды, мультимедиа ҳәм интерактив қурылмалар экспозицияларға жайластырылды.

Орай “Дүньяның ең ири ислам цивилизациясы музейи” сыпатында “Гиннестиң дүнья рекордлары китабы”на киргизилди.

Презентацияда орайды буннан былай да раўажландырыў бойынша келеси режелер де көрип шығылды.

Бәринен бурын, илимий-изертлеў ҳәм баспа жумысларын жаңа басқышқа алып шығыў мәселелери додаланды. Орайдың илимий журналын халықаралық “Scopus” ҳәм “Web of Science”  базаларына киргизиў, илимий орайлардың бирден-бир интеграцияласқан платформасын жаратыў, қолжазбалардың санлы каталогын таярлаў режелестирилген.

Диний-ағартыўшылық тараўындағы магистр ҳәм докторантлар ушын “Ислам ағартыўшылығы” стипендиясын енгизиў, дүньяға белгили илимпаз ҳәм экспертлердиң китапларының презентацияларын шөлкемлестириў режелестирилген. Келеси басқышта 20 мың жаслар, диний-ағартыўшылық тараўының ўәкиллери, соның ишинде, имам-хатиблер ҳәм ҳаялларды орайдың жумысына тартыў нәзерде тутылмақта.

Мәдений мийрасты қайтарыў бойынша гезектеги илажлар көрип шығылды. Бул бағдарда жәҳән аукционлары, музейлер, жеке меншик коллекциялар ҳәм халықаралық көркем өнер базарларында Өзбекстанға тийисли сийрек ушырасатуғын артефактларды излеў, анықлаў, илимий үйрениў, экспертизадан өткериў, сөйлесиўлер алып барыў ҳәм оларды Ўатанға қайтарыў бойынша турақлы механизм жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, дүнья бойлап Өзбекстан мәдений мийрасын турақлы мониторинг етиў, мәдений мийрас объектлериниң бирден-бир санлы мағлыўматлар базасы ҳәм халықаралық реестрин қәлиплестириў, Орайлық Азияда бирден-бир болған заманагөй илимий-изертлеў лабораториясын шөлкемлестириў режелестирилген.

Бул бағдарда Қытай, АҚШ, Германия, Франция, Уллы Британия сыяқлы сырт еллерде сақланып атырған Өзбекстан мәдений мийрасына байланыслы коллекциялар бойынша да жумыслар алып барылады.

Медиа ҳәм халықаралық үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтиў режелери де додаланды.

“Ислам цивилизациясы: тынышлық, кеңпейиллик ҳәм илим-ағартыўшылық жолы” атамасында I халықаралық Ислам форумын өткериў режелестирилген. Сондай-ақ, БМШтың Нью-Йорк ҳәм Женевадағы структуралары және UNESCОның Париждеги резиденциясында Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Мотуридий ҳәм Имам Термизий илимий мийрасына бағышланған арнаўлы презентациялар өткериў де нәзерде тутылмақта.

Орайдың презентацияларын 55 мәмлекетте шөлкемлестириў, “Исламда ҳаял-қызлардың орны” темасында халықаралық конференция ҳәм көргизбе өткериў, Оксфорд ислам изертлеўлери орайы, ICESCO, IRCICA, TURKSOY ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер менен биргеликте илимий-ағартыўшылық жойбарларды әмелге асырыўға көрсетпе берилди.

Сырт елли журналистлер ҳәм халықаралық медиа структуралар менен бирге ислесиўди күшейтиў мақсетинде пресс-турлар, халықаралық медиа клублар ҳәм медиа әнжуманлар шөлкемлестириледи. Орайдың брендин глобаллық көлемде беккемлеў ушын фотокөргизбелер, тематикалық презентациялар ҳәм сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларда дөгерек сәўбетлери өткериледи.

Сондай-ақ, Имам Бухарий естелик комплексине келиўши зыяратшы ҳәм туристлер ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў, сапарларды тәртипли ҳәм мазмунлы шөлкемлестириў, оларға мәлимлеме ҳәм гид хызметлерин көрсетиўди жетилистириў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, Ислам цивилизациясы орайы халқымыздың бай мәдений мийрасы, ағартыўшылық дәстүрлери ҳәм Жаңа Өзбекстанның руўхый раўажланыўын дүньяға көрсететуғын орын болыўы зәрүрлигин атап өтти.

Жуўапкерлерге орайдың жумысын системалы раўажландырыў, илимий-изертлеў ҳәм баспа жумысларын кеңейтиў, мәдений мийрасты қайтарыў бойынша турақлы механизм жаратыў, музей фондларын байытыў, санлы технологияларды жетилистириў бойынша тапсырмалар берилди.

ӨзА