Самарқанд ўәлаяты районларын қәнигелесиў тийкарында раўажландырыў илажлары көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев 10-июнь күни Самарқанд ўәлаяты аймақларын комплексли раўажландырыў, алыс ҳәм шетки районларда халықтың турмыс дәрежесин арттырыў илажлары бойынша мәжилис өткерди.
Мәмлекетимиз басшысының өткен жылы декабрь айындағы Самарқанд ўәлаятына сапарынан соң аймақты 2026-жылы социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша зәрүр илажлар белгиленип, оған қосымша 100 миллион доллар қаржы ажыратылған еди. Усы жылдың март айында Нарпай районына еткен сапары даўамында болса ўәлаяттың алыс ҳәм шетки аймақларын айрықша қатнас тийкарында раўажландырыў бойынша тапсырма берилген еди.

Мәжилисте бул тапсырмалардың орынланыўы Булунғур, Нарпай, Ақдәрья, Пахтачи, Қўшработ, Каттақорған районлары ҳәм Каттақорған қаласы мысалында көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, шетки аймақларда халық көп болса да, жоқары дәраматлы жумыс орынлары жетерли емес. Нарпай, Қўшработ, Пахтачи, Каттақорған районлары ҳәм Каттақорған қаласының ўәлаят санаатындағы улыўма үлеси тек ғана 10 процентти қурайды. Нарпай, Пахтачи, Пастдарғом районлары және Каттақорған қаласында жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежеси басқа аймақларға салыстырғанда жоқары.
Сонлықтан, бул аймақлардың потенциалынан келип шығып, оларды анық қәнигелесиў тийкарында раўажландырыў усыныс етилди. Атап айтқанда, Булунғур, Қўшработ, Пахтачи ҳәм Каттақорған районлары аўыл хожалығы, шарўашылық ҳәм бағшылық орайы сыпатында раўажландырылады. Булунғурда жыллық қуўатлылығы 100 мың бас болған 50 миллион долларлық нәсилшилик кәрханасын, Қўшработ ҳәм Ақдәрьяда жыллық қуўатлылығы 800 мың дана болған 20 миллион долларлық нәсилли шөже кәрханаларын иске қосыў режелестирилген.
Нарпай районы ҳәм Каттақорған қаласы санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўларының өсиў ноқатына айландырылады. Соның ишинде, Нарпайда 100 гектар майданда санаат зонасы шөлкемлестирилип, жоқары қосымша қунға ийе өнимлер ислеп шығарыў бойынша 500 миллион долларлық жойбарлар жайластырылады. Бул процесске Японияның 10 ири компаниясын тартыў нәзерде тутылған.

Ақдәрья районы қусшылық, тоқымашылық ҳәм қайта ислеў санаатына қәнигелескен аймақ сыпатында раўажландырылады.
Мәжилисте Нарпай, Пахтачи, Пастдарғом районлары ҳәм Каттақорған қаласында жумыссызлық дәрежесин 3 процентке, кәмбағаллықты 2 процентке түсириў, Иштихан, Нарпай, Нурабад, Пахтачи, Қўшработ ҳәм Каттақорған районларында экспортты 20 процентке арттырыў, сондай-ақ, Булунғур, Нарпай, Нурабад, Паяриқ, Пахтачи, Қўшработ, Каттақорған районлары ҳәм Каттақорған қаласында хызметлер және санаат көлемин 2 есеге көбейтиў бойынша жойбарлар таныстырылды.
Самарқанд ўәлаятының туризм потенциалын буннан былай да кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Усы жылдың басынан елимизге келген сырт елли туристлердиң саны 27,3 процентке артып, 5,4 миллионға жетти. Өзбекстан сырт ел туристлериниң санын 20 миллионға, туризм экспортын 10 миллиард долларға жеткериў бойынша үлкен шек алған. Буның ушын аймақларда туристлерди көбирек иркип қалатуғын жаңа жөнелислер ҳәм сервис объектлерин көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы мақсетте Самарқандтың тарийхый орайындағы 13 көшени пиядалар аймағына айландырыў, жаңа туризм ҳәм сервис объектлерин қурыў басламасы қоллап-қуўатланды.

Сондай-ақ, “Оҳалик-Ақбойро-Миронқул” туристлик-рекреациялық зонасының аймағын кеңейтиў усыныс етилди. Имам Мотуридий естелик комплексиниң қарсы алдынан ағып өтетуғын “Шаар” коллекторы әтирапын абаданластырыў мәселеси де көрип шығылды.
Бул илажлардың нәтийжесинде Самарқанд қаласы, Нурабад ҳәм Самарқанд районларында мийманханалардың санын 850 ге, номер фондын 20 мың орынға, туризм хызметлериниң көлемин 750 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте халықтың жасаўы ушын қолайлы инфраструктура жаратыў ең тийкарғы ўазыйпа екени атап өтилди. Оның ушын социаллық объектлер қурыў, жол, ишимлик суўы ҳәм канализация тармақлары, электр тәмийнатын жақсылаў, сервис ҳәм реновация жойбарларын әмелге асырыў, санаат жойбарларын инфраструктура менен тәмийинлеў мақсетинде 1,2 триллион сум ажыратыў усынысы билдирилди.
Самарқанд қаласында реновация бағдарламасы тийкарында “Химиклер” посёлкасын халық ушын қолайлы көриниске келтириў бойынша мастер-режени бир ай мүддетте тастыйықлаў, Булунғур районында қурылып атырған “Жаңа Өзбекстан” массиви аймағын кеңейтиў, жылдың ақырына шекем Самарқанд қаласының “Темиржол арты” аймағындағы бос турған жер ҳәм имаратлардың орнында спорт, мәденият, музыка ҳәм көркем өнер дәргайларын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.
Сондай-ақ, ўәлаят ҳәкимлиги жанында социаллық тараў объектлерин қурыў ҳәм оңлаў қорын шөлкемлестириў мақулланды. Самарқанд ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарлар бойынша үнемленген қаржылар усы қорға қаратылатуғыны белгиленди.
Мәжилисте жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды. Мәмлекетимиз басшысы Самарқанд ўәлаятының ҳәр бир районында бар имканиятларды толық иске қосыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматын арттырыў ҳәм аймақлар арасындағы экономикалық айырмашылықты қысқартыў бойынша анық тапсырмалар берди.
ӨзА