Таў-кән санааты ҳәм геология тараўында санлы технологияларды кеңнен енгизиў илажлары көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев таў-кән санааты ҳәм геология тараўында санлы ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша презентация менен танысты.
Елимиз экономикасында таў-кән санааты ҳәм геология тармағы әҳмийетли орын ийелейди. 2025-жылы жәми санаат өниминиң 20 проценти усы тараў кәрханаларының үлесине туўра келди. Олардың бюджетке түсимлери 118,5 триллион сумды қурады.
Сонлықтан, тараўды технологиялық трансформациялаў, өндирис ҳәм мийнет ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, заманагөй санлы шешимлерди кеңнен енгизиў экономикалық қәўипсизликти тәмийинлеў, инвестицияларды көбейтиў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўда стратегиялық әҳмийетке ийе.

Дүньяда “турақлы раўажланыў” ҳәм “санлы геология” концепциялары жедел раўажланбақта. Елимизде де бул бағдарда белгили жумыслар әмелге асырылған. Атап айтқанда, 2025-жылы ири таў-кән санааты кәрханаларында 7,3 триллион сум операциялық қәрежетлер үнемленип, өнимниң өзине түсер баҳасы 9,1 процентке азайған.
Сондай-ақ, “Геомониторинг” мәлимлеме системасы енгизилип, 2 мыңнан аслам қазылма участкаларына байланыслы мағлыўматлар санластырылған.
Келеси бес жылда алтын резервин қосымша 879 тоннаға, гүмисти 510 тоннаға, мысты 676 мың тоннаға арттырыў бойынша жумыслар басланғаны атап өтилди.
Жасалма интеллект технологиялары геологиялық мағлыўматларды жедел таллаў, қазылма байлықларды прогнозлаў, резервлерди анық есаплаў ҳәм бураўлаў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў имканиятын береди. Усы мақсетте геологиялық-излеў процесслериниң барлық басқышларына жасалма интеллект шешимлерин енгизиў режелестирилген.

Президентимиз буның ушын тараўда технологиялық трансформацияны жаңа басқышқа алып шығыў, өндирис процесслерин жасалма интеллект жәрдеминде басқарыў ҳәм таллаў системасын қәлиплестириў зәрүр екенлигин атап өтти.
Таў-кән санааты ҳәм геологияда карталар, излеў нәтийжелери, бураўлаў мағлыўматлары, лаборатория анализлери ҳәм өндирис көрсеткишлери сыяқлы жүдә үлкен көлемдеги мағлыўматлар қәлиплеседи. Оларды бирден-бир электрон базаға жыйнаў, жедел излеў ҳәм 3D модельлер арқалы таллаў жаңа кәнлерди анықлаў имканиятын арттырады.
Буның нәтийжесинде өзине түсер баҳаны 10 процентке азайтыў, жаңа кәнлерди ашыў мүддетин 2 есеге қысқартыў, инвесторларға усынылатуғын усыныслар санын 4 есеге арттырыў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.
Презентацияда 2030-жылға шекем геология ҳәм таў-кән санаатына 30 миллиард доллардан аслам инвестиция тартыў мақсет етилгени атап өтилди. Буның ушын, бәринен бурын, инвесторлар талап етип атырған сапалы ҳәм исенимли санлы мағлыўматлар базасын қәлиплестириў зәрүр.
Усы мүнәсибет пенен Геологиялық мағлыўматлар миллий базасын жаратыў усыныс етилди. Бул процессте “Технологиялық трансформация орайы” шөлкемлестирилип, бар 36 мыңнан аслам есабатлар ҳәм басланғыш мағлыўматлар санлы көриниске өткериледи. Нәтийжеде геологиялық мағлыўматларды қәлиплестириў, кәнлерди модельлестириў ҳәм резервлерди есаплаў процеси 2 есеге тезлеседи.

Презентацияда 2026-2030-жыллары геология тараўында және 6 ири кәрхана – “Наўайы кән-металлургия комбинаты,” “Алмалық кән-металлургия комбинаты,” “Наўайыуран,” “Өзметкомбинат,” “Өзбеккөмир” ҳәм “Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты”нда жасалма интеллект ҳәм санлы технологияларды енгизиў бойынша жәми 44 жойбарды әмелге асырыў режелери ҳаққында мәлимлеме берилди.
Бул жойбарлар бес тийкарғы бағдарды қамтып алады: өндирис процесслерин автоматластырыў, корпоратив басқарыўды санластырыў, жасалма интеллект технологияларын енгизиў, мийнет ҳәм санаат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм кән-геология жумысларын санлы трансформациялаў.
Жойбарларды әмелге асырыў нәтийжесинде операциялық нәтийжелилик 7 процентке, техника ҳәм үскенелердиң исенимлилиги 20 процентке, энергия нәтийжелилиги болса 8 процентке артыўы күтилмекте. Сондай-ақ, инсан факторы менен байланыслы қәтелер ҳәм қәўиплер 15 процентке азайыўы мүмкин.
Кейин ала бул шешимлерди патентлеў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Жуўапкерлерге таў-кән санааты кәрханаларының бизнес-режелерин дүзиўде өндирис ҳәм мийнет ресурсларының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы илажларды киргизиў, технологиялық ҳәм жасалма интеллект жойбарлары бойынша айрықша бағдарламаларды тастыйықлап барыў тапсырылды.
ӨзА