Ташкент халықаралық инвестиция форумына таярлық көрип шығылды
Президент Шавкат Мирзиёевқа гезектеги Ташкент халықаралық инвестициялық форумына таярлық бойынша мәлимлеме берилди.
Бул форум елимиздиң инвестициялық потенциалын кеңнен көрсетиў, сырт елли шериклер менен өз-ара пайдалы жойбарларды қәлиплестириў ҳәм алға қойыў ушын әҳмийетли халықаралық майданға айланған.
2022-жылы биринши мәрте өткерилген форумда 56 мәмлекеттен 1 мыңнан аслам сырт ел мийманы қатнасқан еди. Усы жылы 16-18-июнь күнлери болып өтетуғын бесинши Ташкент халықаралық инвестиция форумында 99 мәмлекеттен жәми 8 мыңнан аслам қатнасыўшы, соның ишинде, дерлик 3,1 мың сырт ел мийманы қатнасыўы күтилмекте.

Илажға мирәт етилгенлер арасында сырт мәмлекетлер ҳүкиметлериниң басшылары ҳәм ўәкиллери, абырайлы халықаралық финанс институтлары, ири компаниялар, инвестиция қорлары ҳәм исбилермен топарлардың басшылары бар.
Презентацияда форум ҳәм оның шеңберинде өткерилетуғын илажлар бағдарламасы ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, жалпы мәжилис, еки тәреплеме ушырасыўлар, тармақ ҳәм аймақлардың презентациялары, инвестициялық келисимлерге қол қойыў мәресимлери ҳәм исбилерменлердиң сөйлесиўлери өткериледи.
Өзбекстанның инвестициялық потенциалын көрсетиў көргизбесинде аўыл хожалығы, жеңил санаат, геология, электротехника санааты, машина қурылысы, химия санааты, энергетика, жасалма интеллект ҳәм мәлимлеме технологиялары тармақларының имканиятлары таныстырылыўы режелестирилген.

Форум шеңберинде Президентимиз жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңесиниң гезектеги жалпы мәжилиси де болып өтеди. Онда елимизде инвестициялық орталықты және де жақсылаў, санаат-технологиялық ҳәм инновациялық раўажланыўды жеделлестириў, жеке меншик сектор ҳәм халықаралық инвесторлар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў мәселелери додаланады.
Быйылғы форумда да инвестициялық келисимлердиң ири топламына қол қойыў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта жаңа жойбарларды қәлиплестириў жумыслары жедел алып барылмақта.
Ислеп шығылып атырған келисимлер химия санааты, геология ҳәм металлургия, жеңил санаат, электротехника ҳәм машина қурылысы, фармацевтика, аўыл хожалығы, қурылыс материаллары, энергетика ҳәм экология, санлы технологиялар, қурылыс ҳәм инфраструктура, банк-қаржы, транспорт-логистика, туризм ҳәм билимлендириў сыяқлы әҳмийетли бағдарларды қамтып алады.

Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы жаңа жумыс орынларын жаратыў, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў, экспорт потенциалын арттырыў, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм аймақлардың инвестициялық тартымлылығын күшейтиўге хызмет етеди.
Мәмлекетимиз басшысы форумды жоқары шөлкемлестириўшилик дәрежеде өткериў, ҳәр бир тармақ ҳәм аймақтың инвестициялық потенциалын анық жойбарлар арқалы көрсетиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Жуўапкерлерге сырт елли мийманларды күтип алыў, илажлар бағдарламасын пуқта шөлкемлестириў, қол қойылатуғын келисимлердиң анық орынлаў механизмлерин белгилеў ҳәм форумнан кейин оларды системалы мониторинг етип барыў бойынша тапсырмалар берилди.
ӨзА