Судларда комплаенс қадағалаў системасы нәтийжелилигин арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Халықтың суд қорғаўында болыў кепилликлерин және де күшейтиў, судларда коррупциялық қәўип-қәтерлерди анықлаў ҳәм баҳалаўдың профессионал системасын енгизиў, сондай-ақ, суд системасында 2026-жылда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жәрияланған “айрықша жағдай”дан келип шығатуғын ўазыйпалардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде қарар етемен:
- Мақсетлер
- Төмендегилер усы Пәрманның тийкарғы мақсетлери етип белгиленсин:
(а) судларда коррупциялық қәўип-қәтерлерди анықлаў ҳәм баҳалаў, заманагөй комплаенс қадағалаў системасын енгизиў арқалы коррупцияны келтирип шығарыўшы факторларды ерте сапластырыў;
(б) суд аппараты хызметкерлерин жумысқа қабыл етиў процесин ашық-айдын тәртип-қағыйдалар ҳәм ашық таңлаўға тийкарланған тәризде шөлкемлестириў, олардың потенциалы, қәбилети, кәсиплик сыпатлары ҳәм де айрықша хызметлерин әдил ҳәм дурыс баҳалаў (меритократия) тийкарында кәсиплик раўажландырыў;
(в) суд системасына жәмийетшиликтиң исенимин беккемлеў ҳәм судтың абыройын арттырыў, суд уйымларын Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы реформалардың жәрдемшисине айландырыў.
- Суд аппараты хызметкерлери арасында коррупцияның алдын алыў
- Жоқарғы судтың төмендеги усыныслары мақуллансын:
(а) суд системасының басқарыў штат бирликлери шеңберинде суд аппараты хызметкерлери арасында коррупцияның алдын алыў, соның ишинде, мәплер соқлығысыўы жағдайларын анықлаў ҳәм тәртипке салыў ушын жуўапкер болған Комплаенс қадағалаў хызметин шөлкемлестириў;
б) суд аппараты хызметкерлери кәсиплик жуўапкершилигин және де терең сезиниўи мақсетинде лаўазым дәрежесине ийе болған суд аппараты хызметкерлери ушын қәнигелестирилген хызмет кийимлерин енгизиў.
- Суд системасында коррупцияның алдын алыў:
(а) судьялар корпусына қарата – Судьялар жоқары кеңесиниң Судьялар қол қатылмаслығын тәмийинлеў ҳәм коррупцияның алдын алыў бойынша суд инспекциясы тәрепинен;
(б) суд аппараты, соның ишинде, Судлар жумысын тәмийинлеў департаменти хызметкерлерине қарата – Жоқарғы судтың Комплаенс қадағалаў хызмети тәрепинен әмелге асырылады.
- Төмендегилер Комплаенс қадағалаў хызметиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
(а) суд аппараты жумысында коррупциялық қәўип-қәтерлерди анықлаў ҳәм баҳалаў, коррупцияны келтирип шығарыўшы факторларды сапластырыў илажларын көриў;
(б) суд аппараты хызметкерлери тәрепинен кәсиплик этика ҳәм нызамшылық ҳүжжетлерине әмел етилиўин мониторинг етиў, коррупция ҳәм суд системасының абырайына зыян келтиретуғын басқа жағдайлардың алдын алыў;
(в) суд аппаратына жумысқа қабыл етиў процесслеринде ашық-айдынлық ҳәм қалыслықты тәмийинлеў илажларын көриў, сондай-ақ, белгиленген тәртипте суд аппараты лаўазымларына талабанларды коррупцияға қарсы тексериўден өткериў ҳәм жуўмақ бериў;
(г) суд аппараты хызметкерлеринде коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў, олардың бул бағдардағы билим ҳәм көнликпелериниң үзликсиз арттырып барылыўын муўапықластырыў;
(д) суд аппараты хызметкерлери, олардың шаңарақ ағзаларының (күйеўи ҳәм ер жетпеген перзентлери) дәраматлары ҳәм мүлки, сондай-ақ, мәплер соқлығысыўы жағдайларын декларациялаў системаларын иске түсириў ҳәм жүргизиў, жерлеслик, руўшылық жағдайларына жол қоймаў;
(ж) халықаралық стандартлар тийкарында коррупция жағдайлары ҳаққында хабар берген хызметкерлерди қорғаў ҳәм хошаметлеў, пара усыныў жағдайлары ҳаққында хызметкер тәрепинен хабар бериў системасы, сондай-ақ, пуқаралар ушын қәўипсиз байланыс каналларын енгизиў;
(з) нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа ўазыйпаларды әмелге асырыў.
- Төмендегилер:
(а) Жоқарғы судтың аппаратында Жоқарғы суд баслығына тиккелей бойсынатуғын 3 штат бирлигинен ибарат Комплаенс қадағалаў хызмети шөлкемлестирилсин;
(б) Өзбекстан Республикасы Әскерий суды, Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық судларында Комплаенс қадағалаў хызметине тиккелей бойсынатуғын жәми 15 штат бирлигинен ибарат комплаенс қадағалаў бойынша инспектор лаўазымлары енгизилсин.
- Төмендегилер:
(а) Комплаенс қадағалаў хызмети басшысы Жоқарғы суд баслығы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи ҳәм мийнетке ҳақы төлеў, материаллық тәмийнат ҳәм социаллық қорғаў шәртлери бойынша Жоқарғы суд департамент баслығына теңлестириледи;
(б) комплаенс қадағалаў бойынша инспекторлар Жоқарғы суд баслығы тәрепинен лаўазымға тайинланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи ҳәм де мийнетке ҳақ төлеў, материаллық тәмийинлеў ҳәм социаллық қоргаў шәртлери бойынша Жоқары суд бас мәсләҳәтшисине теңлестириледи;
(в) комплаенс қадағалаў бойынша инспекторлар Әскерий суд, Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судларында жайластырылады;
(г) Комплаенс қадағалаў хызмети лаўазымларына ҳадал, пәк ҳәм минсиз абырайға ийе болған жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе, сондай-ақ, әдетте, суд-ҳуқық тараўында кеминде 5 жыл жумыс стажына ийе болған талабанлар тайынланады;
(д) Жоқарғы суд баслығына Комплаенс қадағалаў хызмети хызметкерлерине бюджеттен тысқары қаржылар есабынан нызамшылықта белгиленген тәртипте қосымша үстемелер төлеў ҳуқықы бериледи;
(ж) Комплаенс қадағалаў хызмети хызметкерлерине жүкленген ўазыйпалар шеңберинде суд аппараты хызметкерлериниң әдеп-икрамлылығы ҳәм де хызмет ўақтында ҳәм хызметтен тысқары жағдайларда өзин тутыўы, улыўма тән алынған әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўи менен байланыслы мәселелерде хызмет тексериўлерин өткериў ўәкиллиги бериледи.
- Жоқарғы суд:
(а) 2026-жыл 1-сентябрьге шекем суд аппараты жумысында коррупцияның алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын ҳәм суд аппаратындағы коррупциялық қәўип-қәтер жоқары болған лаўазымлардың дизимин тастыйықласын;
(б) 2027-жыл 1-мартқа шекем суд аппараты хызметкерлериниң коррупция қәўпи дәрежеси жоқары болған ўазыйпа ҳәм функцияларын санластырыў, оларды әмелге асырыўда инсан факторын азайтыў илажларын көрсин.
- Жоқарғы суд үш ай мүддетте суд аппараты хызметкерлерин жумысқа қабыл етиў ҳәм олардың мийнет етиўине байланыслы шеклеўлерди белгилеўши режени белгиленген тәртипте тастыйықласын. Режеде төмендегилерге байланыслы шеклеўлер нәзерде тутылсын:
(а) алдын суд тәрепинен коррупцияға тийисли жынаятларды ислегенликте айыплы деп табылған шахсларды жумысқа қабыл етиў;
(б) нотариус, адвокат, судья, ҳуқық қорғаў ямаса басқа мәмлекетлик уйым жумысындағы надурыс ис-ҳәрекетлери ушын лаўазымынан босатылған шахсларды үш жыл даўамында жумысқа қабыл етиў;
(в) педагогикалық, илимий ҳәм дөретиўшилик жумыстан тысқары ҳақы төленетуғын басқа жумыс пенен шуғылланыў;
(г) исбилерменлик субъектин шөлкемлестириў, онда шөлкемлестириўшилик-басқарыў, ҳәкимшилик-хожалық ўазыйпаларын орынлаў (акционерлик жәмийетлериниң еркин айланыстағы акцияларына нызамшылықта белгиленген талаплар шеңберинде ийелик етиў ҳалатлары буған кирмейди);
(д) өз хызмет ўазыйпаларын сиясий партиялар, басқа жәмийетлик бирлеспелер, сондай-ақ физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мәплерин гөзлеп орынлаў;
(ж) Өзбекстан Республикасы аймағынан тысқарыда есап бетлерин ашыў ҳәм оларға ийелик етиў, көшпес ҳәм басқа мүлкке ийелик етиў.
- Жоқарғы судтың HR-менеджмент механизмлеринен кеңнен пайдаланған ҳалда судлар аппаратының кадрларын басқарыў ҳәм қадағалаўдың нәтийжели ҳәм заманагөй системасын енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын. Оған бола 2026-жылдың ақырына шекем:
(а) талабанлардың жеке ҳәм кәсиплик пазыйлетлери, соның ишинде, олардың руўхый әдеп-икрамлылық ҳәм ҳадаллық сыпатларын әдил баҳалаў имканиятын беретуғын ашық таңлаў тийкарында жумысқа қабыл етиў системасын енгизиў. Онда маман кадрларды тартыў ҳәм жәмәәтте ислеў көнликпелерин раўажландырыўдың заманагөй усылларынан кеңнен пайдаланыўды нәзерде тутыў;
(б) инсан ресурсларын басқарыў ҳәм раўажландырыўда санлы технологиялар, соның ишинде, жасалма интеллекттен пайдаланған ҳалда вакант лаўазымларды жәриялаў, талабанларды таңлаў ҳәм жумысқа қабыл етиў процесслерин санластырыўға мөлшерленген “vacancy.sud.uz” порталын ҳәм суд системасында хызметкерлер менен ислесиў ҳәм кадрлар ҳәкимшилигиниң заманагөй усылларын енгизиўге қаратылған “SudHR” электрон платформасын ислеп шығыў ҳәм иске қосыў;
(в) заманагөй усыллардан пайдаланған ҳалда суд аппараты хызметкерлериниң кәсиплик шеберлиги ҳәм кәсип пенен байланыслы шақырықларға шыдамлылығы, аўызбиршилик ҳәм жәмәәтте ислеў көнликпелерин раўажландырыў, жаңалықларға бейимлесиўге уқыплы жәмәәтти қәлиплестириў;
(г) судларға жоқары юридикалық мағлыўмат ҳәм илимий потенциалға ийе болған кадрларды тартыўда республиканың жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги менен бирге ислесиўди жолға қойыўды тәмийинлесин.
- Жоқарғы суд еки ай мүддетте Жоқарғы суд ҳәм төменги судлар структурасын белгиленген штат бирликлери шеңберинде еркин тастыйықлаў ҳуқықын Жоқарғы суд баслығына бериўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын киргизсин.
III. Судьялар корпусында коррупцияға маўасасызлықты қәлиплестириў
- Судьялар жоқары кеңеси ҳәм Басқарыў нәтийжелилиги агентлигиниң төмендегилерди нәзерде тутатуғын усыныслары мақуллансын:
(а) Әдил судлаў академиясы ҳәм Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги жанындағы Басшы кадрларды баҳалаў орайының материаллық-техникалық базасы ҳәм илимий-әмелий ресурсларынан пайдаланған ҳалда 2026-жылдың ақырына шекем суд системасында коррупцияға қарсы турақлылық дәрежесин диагностикадан өткериў;
(б) Әдил судлаў академиясында талабанларды судьялық кәсибине таярлаўда қосымша түрде жеке-профессионал ҳәм коррупцияға қарсы турақлылық дәрежесин диагностика етиў әмелиятын енгизиў.
- Жоқарғы суд үш ай мүддетте суд ислерин автоматикалық бөлистириў бағдарламасын буннан былай да жетилистириў илажларын көрсин. Бунда:
(а) жумысларды бөлистириў ҳәм қайта бөлистириў критерияларының толық тийкарларын белгилеў, усы процесслердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў;
(б) исти бир судьядан басқа судьяға тийкарсыз түрде өткериў жағдайларының алдын алыў нәзерде тутылсын.
- Судьялар жоқары кеңеси 2026-жыл сентябрьге шекем Әдил судлаў академиясында судьялар ҳәм суд аппараты хызметкерлериниң жумысында мәплер соқлығысыўы ҳәм коррупцияның басқа да көринислериниң алдын алыў бойынша “реал кейслер”ге тийкарланған оқыў-әмелий модулин енгизсин.
- Судьялар жоқары кеңеси:
(а) 2026-жыл 1-сентябрьге шекем Әдил судлаў академиясында басқарыў штат бирликлери шеңберинде ишки қәўипсизлик қадағалаў хызметин шөлкемлестириў;
(б) 2027-жыл 1-июньға шекем Әдил судлаў академиясын ISO 37001 коррупцияға қарсы гүресиў менеджменти системасы халықаралық стандарты бойынша аудиттен өткериў илажларын көрсин.
- Судьялар жоқары кеңеси Жоқарғы суд, Әдил судлаў академиясы менен биргеликте судьялар ҳәм суд аппараты хызметкерлериниң ҳәр үш жылда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша оқыў курсларында маманлығын арттырып барыў илажларын көрип барсын.
- Төмендегилер:
(а) Судьялар жоқары кеңеси – 2026-жыл 1-сентябрьге шекем судьялар тәрепинен мәплер соқлығысыўы жағдайлары және дәраматлар ҳәм мүлк ҳаққындағы декларацияны Кеңеске усыныў, сондай-ақ, оларды тексериў ҳәм таллаўдың автоматластырылған электрон системасын;
(б) Жоқары суд 2027-жыл 1-майға шекем:
(i) суд аппараты хызметкерлери тәрепинен мәплер соқлығысыўы жағдайлары және дәраматлар ҳәм мүлк ҳаққындағы декларацияны Жоқарғы судқа усыныў, сондай-ақ, оларды тексериў ҳәм таллаўдың автоматластырылған электрон системасы;
(ii) суд аппараты хызметкерлериниң жумысында коррупция, гүманлы схемалар ҳәм тәртипбузарлықларға алып келиўши бослықларды анықлап, оларды сапластырыў, суд аппараты хызметкерлериниң жумысын мониторинг етиў имканиятын беретуғын коррупциялық қәўип-қәтерлерди басқарыў электрон мәлимлеме системасын иске қоссын.
- Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
- Судларда комплаенс қадағалаў системасының нәтийжелилигин арттырыўдың қосымша илажлары бойынша “жол картасы” қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Жоқарғы суд үш ай мүддетте Комплаенс қадағалаў хызметин маман кадрлар менен толықтырыў ҳәм олардың нәтийжели жумысын жолға қойыўды тәмийинлесин.
- Жоқарғы суд Судьялар жоқары кеңеси, Әдиллик министрлиги ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Комплаенс хызмети ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги Жоқарғы судқа Комплаенс қадағалаў хызметиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, хызметкерлердиң маманлығын арттырыўда методикалық жақтан жәрдем берип барсын.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Жоқарғы суд баслығы Б.Д. Исламов ҳәм Судьялар жоқары кеңесиниң баслығы Х.Б. Ёдгоров белгиленсин.
- Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының суд системасын реформалаў бойынша орынбасары Н.Ж.Хакимоваға жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев