Жоқары оқыў орынларын питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери додаланды

98

Президент Шавкат Мирзиёев елимиздиң жоқары билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша презентация менен танысты.

2026-жылы республика жоқары оқыў орынларын 320 мың студент питкериўи күтилмекте.

Соңғы жылларда жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў көлеми сезилерли кеңейгени себепли мийнет базарына кирип киятырған питкериўшилердиң саны да артып бармақта.

Олардың бәнтлигин тәмийинлеўде питкериўшилер менен индивидуал ислесиў, оларды экономика тармақларындағы бос жумыс орынларына бағдарлаў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, жоқары оқыў орынларында карьера орайларының имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў үлкен әҳмийетке ийе.

Питкериўшилердиң исбилерменлик жойбарларын жеңиллетилген шәртлерде қаржыландырыў бойынша “Келешекке қәдем” бағдарламасы жолға қойылған болып, оның шеңберинде 2025-жылы 6 мыңнан аслам жойбар ушын 378 миллиард сум қаржы ажыратылған. Буның нәтийжесинде 8 мыңға шамалас питкериўшилердиң бәнтлиги тәмийинленди.

Презентацияда 2026-жылы 8 мыңнан аслам жойбарды қаржыландырыў ушын 500 миллиард сум қаржы қаратыў, 10 мыңға шамалас жасларды бәнт етиў режелестирилгени мәлим етилди.

Бул бағдарламаны онда қатнасыўшы исбилерменлик субъектлерине қосымша финанслық имканиятлар бериў арқалы және де кеңейтиў усыныс етилди.

Сондай-ақ, “TalabaExpo-2026” кәсиплик көргизбелерин жумыс бериўши шөлкемлер ҳәм исбилерменлик субъектлерин жедел тартқан ҳалда республиканың басқа аймақларында да нәтийжели шөлкемлестириў зәрүрлиги көрсетип өтилди.

Питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеўде министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли ҳәкимликлер, ири хожалық бирлеспелериниң жуўапкершилигин арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Барлық процесслер бәнтликке жәрдемлесетуғын “career.edu.uz” платформасы арқалы мониторинг етилип, бәнтликти тәмийинлеў мәселеси жергиликли ҳәкимликлер дәрежесине түсириледи. Нәтийжеде питкериўшилер менен ислесиўдиң вертикал системасы жолға қойылады.

Соның менен бирге, студентлерди жумыс пенен бәнт етиўде жоқары оқыў орны дәрежесинде жумысларды системалы жолға қойыў бойынша жаңа механизмлер усыныс етилди.

Соның ишинде, барлық жоқары оқыў орынларында карьера орайларының жумысы толық жолға қойылып, нәтийжелилигине қарап хошаметленип барылады. Орайлардың жумысы “Питкериўшиниң сапа индекси” арқалы баҳаланып, ең жоқары нәтийже көрсеткен 20 жоқары оқыў орнының карьера орайларына 500 миллион сумнан ажыратылады.

Усы жылы университет көлеминде 360, факультетлер көлеминде 750 мийнет ярмаркасы ҳәм ҳәр бир бағдар кесиминде мыңнан аслам жумыс бериўшилер менен ушырасыўлар (воркшоплар) шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, 2026-2027-оқыў жылынан баслап студентлерде исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў, оларды бизнес жүргизиў ушын бар имканиятлар менен таныстырыў мақсетинде барлық жоқары оқыў орынларында “Исбилерменлик тийкарлары” пәнин оқытыў жолға қойылады.

Соның менен бирге, жоқары оқыў орынларында студентлердиң стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў, шөлкемлестирилетуғын спин-офф кәрханаларына студентлерди тартыў, кафедралардың тийисли тармақ кәрханаларында филиалларын ашыў, питкериў жойбарларының қорғаўын жумыс бериўши кәрханаларда өткериўди кеңейтиў илажлары белгиленди.

Анық буйыртпа, бейимлесиўшең бағдарламалар тийкарында кадрлар таярлаўға қаратылған мақсетли дуал билимлендириў формасын да жолға қойыў басламасы билдирилди.

Онда талабанларды бағдарламаға қабыллаў, төлемли-контракт муғдарын белгилеў жумыс бериўши ҳәм жоқары оқыў орны арасында өз-ара келисимге бола әмелге асырылып, буйыртпашы студент оқыўды тамамлағаннан соң оны жумыс пенен тәмийинлеўге кепиллик береди.

Усыныс етилген илажлардың орынланыўын сапалы шөлкемлестириўде жоқары оқыў орынлары басшыларының жуўапкершилигин арттырыў, олардың “KPI” көрсеткишлеринде питкериўшиниң бәнтлиги тәмийинленгенин тийкарғы норма сыпатында белгилеў зәрүрлиги атап өтилди.

Президентимиз жуўапкерлерге питкериўшилер менен жумысты нәтийжели шөлкемлестириў, билдирилген басламаларды пуқта ислеп шығыў, қосымша жумыс орынларын жаратыўда барлық имканиятларды жумсаў бойынша тапсырмалар берди.

ӨзА