Мыс санаатындағы ири жойбарлардың барысы көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёевқа мыс санаатында әмелге асырылып атырған ири инвестициялық жойбарлардың барысы ҳәм келешектеги режелер бойынша мәлимлеме берилди.
Мыс санаат, энергетика, электротехника, санлы экономика ҳәм “жасыл” раўажланыў ушын стратегиялық шийки затқа айланбақта. Сонлықтан, мәмлекетимизде геология-излеў жумысларын кеңейтиў, бар резервлерди нәтийжели өзлестириў, шийки затты терең қайта ислеў ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Усы жылдың март айында Алмалық кән-металлургия комбинатында 3-мыс байытыў фабрикасының биринши гезеги иске қосылған еди. “Ёшлик-1” кәнин өзлестириў бағдарламасы шеңберинде 196 гектар майданда қурылып атырған бул жойбардың баҳасы 2,7 миллиард долларды қурайды. Фабрика толық қуўатлылыққа шыққанынан соң жылына 60 миллион тонна руданы қайта ислеў ҳәм 900 мың тоннаға шамалас мыс концентратын ислеп шығарыў имканияты жаратылады.

Презентацияда фабриканың кейинги нәўбетлерин иске қосыў, технологиялық процесслерди турақлы жолға қойыў ҳәм режелестирилген қуўатлықларға өз ўақтында шығыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Атап айтқанда, унтаў цехындағы шарлы дигирманлар, флотация линияларын басқышпа-басқыш толық қуўатлылыққа шығарыў бойынша анық график белгиленген.
Усы жылдың ақырына шекем 3-мыс байытыў фабрикасында руданы қайта ислеў көлемин және де арттырыў, барлық тийкарғы технологиялық шынжырларды толық иске қосыў ҳәм өндиристиң турақлылығын тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.
3-мыс байытыў фабрикасы толық иске қосылғаннан соң, комбинатта мыс концентратының күнлик өндирис көлемин 2 мың 400 тоннадан 5 мың тоннаға арттырыў нәзерде тутылған. Заманагөй технологиялардың енгизилиўи есабынан энергия жумсалыўын ҳәм өзине түсер баҳасын азайтыў, мийнет өнимдарлығын арттырыў имканияты пайда болады.

Презентацияда 4-мыс байытыў фабрикасы жойбарын ислеп шығыўды жеделлестириў мәселеси де көрип шығылды.
Бүгинги күнде жойбар шеңберинде базалық инжиниринг ҳүжжетлери таярланбақта, қурылыс майданында жер жумыслары ҳәм геологиялық бураўлаў жумыслары алып барылмақта.
Бул жойбарда 3-фабрика тәжирийбесин есапқа алған ҳалда технологиялық шешимлерди оптималластырыў, энергия ҳәм суў ресурсларынан үнемли пайдаланыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Сондай-ақ, халықаралық инжиниринг компаниялары менен биргеликте гравитация, флотация, концентратты кептириў ҳәм қалдықларды қойыўластырыў, технологиялық шынжырларын жетилистириў, сырт ел қаржы институтларынан қаржы тартыў ушын жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларын таярлаў илажлары белгиленген.
Жуўапкерлерге 4-мыс байытыў фабрикасы ушын зәрүр жер майданларын ажыратыў, қурылыс майданында таярлық жумысларын даўам еттириў, базалық инжиниринг ҳүжжетлерин белгиленген мүддетте жуўмақлаў ҳәм жойбарды басқышпа-басқыш иске қосыў режесин анықластырыў бойынша тапсырмалар берилди.
ӨзА