Судларда комплаенс қадағалаўы күшейтиледи

Президент Шавкат Мирзиёев судларда комплаенс қадағалаў системасының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы презентация менен танысты.
Елимизде суд-ҳуқық системасын реформалаў, әдил судлаўға болған исенимди беккемлеў, судлардың жумысында ашық-айдынлық ҳәм нызамлылықты тәмийинлеў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, суд системасында коррупциялық қәўип-қәтерлерди ерте анықлаў, мәплер соқлығысыўының алдын алыў ҳәм хызметкерлердиң кәсиплик жуўапкершилигин арттырыў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта.
Бул бағдарда тек судьялар емес, ал дерлик 4,8 мың суд аппараты хызметкерлериниң ҳадал ҳәм пәк жумыс алып барыўы да турақлы итибарда болыўы керек.
Усы мүнәсибет пенен презентацияда судларда комплаенс қадағалаўды күшейтиўге қаратылған усыныслар додаланды.

Суд аппараты хызметкерлери арасында коррупцияның алдын алыў мақсетинде Жоқарғы суд қурамында Комплаенс қадағалаў хызметин шөлкемлестириў усыныс етилди.
Бул хызмет тиккелей Жоқарғы суд баслығына бойсынып, аймақлық судларда да жумыс алып баратуғын комплаенс инспекторларынан ибарат болады.
Комплаенс хызмети коррупциялық қәўип-қәтерлерди анықлаў, баҳалаў ҳәм алдын алыў, олардың себеплерин сапластырыў, хызметкерлер тәрепинен нызамшылық ҳәм кәсиплик этика талапларына әмел етилиўин мониторинг етиў менен шуғылланады.
Презентация даўамында суд системасында коррупцияның алдын алыў бойынша бир қатар басқа да илажлар додаланды. Атап айтқанда, судлар аппаратында жоқары қәўипли лаўазымлардың дизими тастыйықланады, қәўипли дәрежеси жоқары процесслерди санластырыў ҳәм инсан факторын азайтыў илажлары көриледи.
Судьялар ушын мәплер соқлығысыўы, дәрамат ҳәм мүлк декларацияларын усыныў және таллаўдың автоматластырылған электрон системасы иске қосылады. Тап усындай система суд аппараты хызметкерлери ушын да енгизиледи.
Сондай-ақ, коррупция, гүманлы схемалар ҳәм тәртипбузарлықларға алып келиўши қәўиплерди анықлаўға қаратылған электрон мәлимлеме системалары иске қосылады. Бул бағдарда коррупция ҳаққында хабар берген хызметкерлерди қорғаў, пуқаралар ушын қәўипсиз байланыс каналларын жаратыў әҳмиетли екенлиги атап өтилди.

2026-жылдың ақырына шекем суд системасында коррупцияға қарсы турақлылық бойынша диагностика өткериледи. Судьялыққа талабанларды таярлаў процесинде олардың жеке-профессионаллық ҳәм коррупцияға қарсы турақлылығын баҳалаў әмелияты да енгизиледи.
Суд ислерин автоматикалық бөлистириў бағдарламасы жетилистирилип, ислерди бөлистириў ҳәм қайта бөлистириў нормалары анық белгиленеди, процесстиң ашық-айдынлығы тәмийинленеди.
Суд аппаратына жумысқа қабыл етиў системасы да түп-тийкарынан жаңаланады. Ол ашық таңлаў, ашық-айдын тәртип-қағыйдалар ҳәм меритократия принциплери тийкарында шөлкемлестириледи. Талабанлардың кәсиплик, руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм ҳадаллық сыпатларын баҳалаўдың заманагөй системасы енгизиледи.
Хызметкерлер ушын мәплер соқлығысыўына алып келетуғын жумыс ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланыў, сырт елде есап бет ашыў сыяқлы шеклеўлер нәзерде тутылады.
Презентацияда суд аппараты хызметкерлери ушын қәнигелестирилген хызмет кийимин енгизиў усынысы да көрип шығылды. Бул хызметкерлердиң жуўапкершилиги, хызмет тәртиби ҳәм этика мәдениятын беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы суд системасында ашық-айдынлық, ҳадаллық ҳәм әдиллик орталығын беккемлеў халықтың суд қорғаўына болған исенимин арттырыўдың әҳмийетли факторы екенин, усынысларды пуқта ислеп шығыў, комплаенс хызметине маман кадрларды тартыў зәрүрлигин атап өтти.
ӨзА