Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Петербург халықаралық экономикалық форумындағы шығып сөйлеген сөзи

Ҳүрметли Владимир Владимирович!
Ҳүрметли мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Бәринен бурын, Россия Федерациясы Президенти, ҳүрметли Владимир Владимирович Путинге усы форумға мирәт еткени ҳәм шын жүректен миймандослық ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.
Сондай-ақ, Танзания Президенти Самия Сулуҳу Ҳасан ханымды, Қытай Халық Республикасы Баслығының орынбасары Хан Чжэн мырзаны қутлықлайман.
Өзиниң отыз жыллық жумысы даўамында жәҳән көлеминдеги ең әҳмийетли мәселелер бағдарында пикир алысыў бойынша абырайлы ҳәм зәрүр сөйлесиў майданларынан бирине айланған Петербург халықаралық экономикалық форумында қатнасыў мен ушын үлкен мақтаныш.
Өзбекстан менен тарийх, руўхый жақынлық ҳәм инсаный тәғдирлер арқалы байланысқан Россияның мәдений пайтахты – Санкт-Петербург қаласында бүгин және бир мәрте болып турғанымнан оғада қуўанышлыман.
Урыстың аўыр жылларында көплеген өзбекстанлылар Ленинград қорғаныўында қатнасқан, Ташкент болса бир ярым миллионнан аслам эвакуацияланған балалар, ҳаял-қызлар ҳәм кекселерге баспана берген еди. Бул ҳаққындағы естелик улыўма руўхый мәканымыздың бир бөлеги болып қалмақта.
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Бүгин әйне усы жерде, Нева бойында биз өтмишти еске алып, келешек ҳәм глобаллық экономиканың жаңа архитектурасы менен байланыслы мәселелерди додаламақтамыз.
Дүнья терең қайта қурыў процесслерин басынан өткермекте. Транспорт жөнелислери өзгермекте, жаңа өндирис шынжырлары қәлиплеспекте. Заманагөй технологиялық платформалар пайда болып, барлық тараўларда жасалма интеллект енгизилмекте. Энергетика, азық-аўқат ҳәм санлы қәўипсизлик мәселелери түп-тийкарынан қайта көрип шығылмақта. Бәсеки тек ғана базарлар ҳәм тәбийий ресурслар ушын гүресте емес, ал технологиялар, логистика ҳәм инфраструктура тараўларында да оның тәсири сезилмекте.
Жәҳән экономикасында турақсызлық ҳүким сүрип атырған шараятта бирлестириўши роль атқаратуғын ҳәм өз әтирапында кооперация, турақлылық және өз-ара мәпдарлық мәканын қәлиплестириўге уқыплы болған мәмлекетлер ҳәм регионлардың әҳмийети артып бармақта.
Өзбекстан мың жыллар даўамында Уллы жипек жолының жүреги болып келген. Самарқанд, Бухара ҳәм Ташкент арқалы тек ғана өнимлер тасылмаған, ал идеялар ҳәм билимлер, мәдений ҳәм диний дәстүрлер бир-бирин өз-ара байытып келген. Соның ушын да ашық-айдынлық биз ушын бәрқулла таңлаў емес, ал турмыслық зәрүрлик ҳәм цивилизация коды есапланған. Ҳәзирги күнде ол жаңаша мазмунға ийе болып бармақта.
Өзбекстан ҳәм улыўма, Орайлық Азия еркин экономикалық өсиў орайына айланбақта. Бул регионда келешектиң транспорт, технология ҳәм демография тараўларындағы көриниси көринбекте. Бул мәканда Арқа ҳәм Қубла, Батыс ҳәм Шығыс арасындағы тийкарғы коммуникациялар кесилиспеси қәлиплеспекте.
Күшейип баратырған усы тенденцияны және де беккемлеў ушын бизге сапа жағынан жаңа дәрежедеги байланыслылық оғада зәрүр. Бул жерде тек ғана дәстүрий транспорт-логистика ҳәм энергетика коридорларын бирлестириў емес, ал санлы, төлем ҳәм өндирис инфраструктураларын интеграциялаў ҳаққында да сөз болмақта. Күшли, бирлескен, экономикалық жақтан байланысқан, ашық ҳәм турақлы Орайлық Азия барлық шериклеримиздиң стратегиялық мәплерине жуўап береди.
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Өзбекстан ушын Россия региондағы тек ғана қоңсы емес. Бул мәмлекет бизиң ўақыт сынағынан өткен стратегиялық шеригимиз ҳәм аўқамласымыз болып есапланады.
Бүгинги күнде өз-ара қатнасықларымыз жаңа дәўирге қәдем қойды. Бирге ислесиў көп дәрежели ҳәм көп қырлы түске енди.
Биз өнимлердиң әпиўайы саўдасынан қурамалы санаат шынжырлары, технологиялық альянслар, биргеликте жойбарластырыў ҳәм өндиристи локализациялаўға шекемги жолды басып өттик. Бизиң статистикалық мағлыўматларымызға бола, соңғы 10 жылда өз-ара товар айланысы үш еседен аслам – 4 миллиард доллардан 13 миллиард долларға артты. Россия менен биргеликтеги жойбарлардың улыўма портфели 50 миллиард доллардан артады.
Еки мәмлекет аймақлары арасында саўда-экономикалық бирге ислесиў избе-из кеңеймекте. Бул процесске бизиң тийкарғы бирге ислесиўшилеримиз – Москва ҳәм Санкт-Петербург қалалары, Москва ҳәм Ленинград ўәлаятлары, Татарстан ҳәм Башқуртстан, Красноярск ҳәм Перм үлкелери, сондай-ақ, Россияның басқа да көплеген аймақлары жедел тартылған.
Әмелге асырылып атырған аймақлараралық жойбарлардың көлеми 5 миллиард долларды қурайды, және 5 миллиард долларлық инвестициялар пакети таярланбақта. Өз-ара бирге ислесиў энергетика, химия ҳәм нефть-химия, машина қурылысы, аўыл хожалығы, логистика, тоқымашылық, азық-аўқат санааты ҳәм басқа да тармақларды қамтып алмақта. Жойбарлар қатарында Өзбекстанның бес аймағындағы биргеликтеги санаат парклери ҳәм Ташкентте шөлкемлестирилген биргеликтеги вагон қурылысы кластери айрықша итибарға ылайық.
Энергетика тараўындағы бирге ислесиўге айрықша тоқтап өтпекшимен. Инвестициялық жойбарлар, соның ишинде, Россия қатнасыўындағы жойбарлар есабынан биз электр энергиясын ислеп шығарыўды бир ярым есеге – 58 миллиард киловатт-сааттан 87 миллиард киловатт-саатқа арттырдық. 2030-жылға шекем генерацияны 120 миллиард киловатт-саатқа шекем көбейтиўди режелестирмектемиз. Оның 54 процентин қайта тикленетуғын энергия дереклери қурайды.
Бизиң энергетика тараўындағы қуўатлықларымыз, сондай-ақ, Өзбекстанда Россияның қатнасыўында биринши гибрид атом электр станциясының иске қосылыўы есабынан да артады. Кеше биз Владимир Владимирович пенен АЭС қурылысының биринши тырнағын қуйыў мәресиминде қатнастық. Биз ушын бул узақ мүддетли раўажланыў, жаңа инженерлик мектебин таярлаў ҳәм алдынғы технологияларды өзлестириўге қаратылған жойбар болып есапланады.
Атомнан тыныш мақсетлерде пайдаланыў бойынша басқа да тараўлар – медицина, аўыл хожалығы, санаат ҳәм илимде де биргеликте жумыс алып барыў нийетиндемиз.
Әзиз дослар!
Ҳәзирги шараятта Өзбекстан ҳәм Россияның технологиялар ҳәм санаат тараўындағы бирге ислесиўи тек ғана еки тәреплеме байланыслар шеңберинде шекленип қалмаўы керек.
Биз санаат бойынша потенциалды, ресурслар, базарлар ҳәм компетенцияларды бирлестириўге уқыплы болған үлкен кооперация мәканын жаратыўды гөзлеп атырмыз. Мине, соның ушын биз “Евразия технологиялық санаатластырыў белбеўи”н қәлиплестириў басламасы менен шықпақтамыз. Бул санаат кооперациясының бирден-бир санлы платформасы менен бирлестирилген өндирис ҳәм технологиялық кластерлердиң өз-ара байланысқан системасы болып есапланады. Бул жерде технологияларды ислеп шығыў ҳәм кадрлар таярлаўдан баслап, санаат өндирисин локализациялаў ҳәм сыртқы базарларға шығыўға шекемги болған толық цикллы шынжырларды жаратыў ҳаққында сөз болмақта.
Бул басламаны сынақтан өткерген, ҳәр жылы Ташкентте өткерилетуғын “ИННОПРОМ. Орайлық Азия” инновациялық-санаат көргизбеси платформасы базасында әмелге асырыўды усыныс етемиз. Бундай қатнас бизнес ушын шериклерди тиккелей табыў ҳәм өз-ара пайдалы байланыслар орнатыў имканиятын береди.
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Бирге ислесиўдиң перспективалы бағдары, сөзсиз, экономиканың жаңа қарым-қатнас қуралы, атап өтиў керек болса, тилине айланған санластырыў болып есапланады.
Егер алдын инфраструктура дегенде, жоллар, қубырлар ҳәм электр узатыў тармақлары түсинилген болса, бүгинги күнде бул, бәринен бурын, санлы платформалар болып есапланады. Олар өз әтирапында тутас экосистеманы – жумыс орынларын, логистика, төлем хызметлерин, жаңа экспорт имканиятларын қәлиплестирмекте.
Өзбекстан бизнеси санлы шешимлерди жедел раўажландырмақта ҳәм ҳәзирги ўақытта кең шеңбердеги мәмлекетлер менен технологиялық бирге ислесиў ушын ашық. Мәселен, Россияның маркетплейслери ҳәм санлы сервислери арқалы өнимлеримиздиң саўдасы көлеми кейинги бир неше жылда 3,5 есеге өсип, бир ярым миллиард доллардан артты.
Бирге ислесиўди тереңлестириў мақсетинде биргеликтеги Санлы экосистеманы қәлиплестириўге кирисиўди усыныс етемиз. Дәслепки басқышта ол санлы саўда ҳәм қала хызметлерин тәртипке салыў қағыйдаларын жақынластырыў, Өзбекстан ҳәм Россия брендлерин биргеликтеги платформаларда алға қойыў, бәнтлик бойынша бирден-бир санлы профильди жаратыў, жасалма интеллект тийкарында өнимлерди раўажландырыўды өз ишине қамтып алыўы мүмкин. Бул бизнес ушын жаңа базарлар, пуқаралар ушын болса дәрамат табыўда қосымша имканиятлар жаратады.
Ҳәзирги ўақытта санластырыўды кеңнен қолланыўға умтылар екенбиз, ҳәр қандай өзгерислердиң тийкарында бәрқулла инсан туратуғынын есте тутыў әҳмийетли.
Бүгинги күнде Өзбекстан дүньяның ең жас мәмлекетлеринен бири болып, халқының ярымынан көбин жаслар қурайды. Бул әпиўайы статистика емес. Бул – раўажланыў ушын күш, энергия дереги. Бул – жаңа талап. Бул – бизиң келешегимиз.
Соның ушын, бизиң ўазыйпамыз тек ғана жасларға заманагөй билим бериўден ибарат емес. Жаслар алдынғы компетенцияларды өзлестириўи ҳәм өз потенциалын жүзеге шығарыўы ушын имканият беретуғын шараятларды жаратыў әҳмийетли. Бул жерде билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў тараўындағы бирге ислесиў айрықша орын ийелейди.
Өзбекстанда сырт ел жоқары оқыў орынларының 32, соның ишинде, Россия жоқары билимлендириў мәкемелериниң 15 филиалы жумыс алып бармақта. Бул Россияның сырт елдеги ең ири университетлер тармағы есапланады.
Соның менен бирге, кәсиплик билимлендириў, әсиресе, әмелиятқа бағдарланған кадрлар таярлаў бағдарламаларын енгизиў үлкен әҳмийетке ийе. Бизде бул бағдарда әллеқашан табыслы мысаллар бар. Алмалық ҳәм Ташкентте биринши биргеликтеги инженерлик мектеплери иске қосылды.
Онлайн билимлендириў сервислери усы тараўдағы нәтийжели бирге ислесиў механизми болыўы мүмкин. Бундай сервислердиң иске қосылыўы жасларға ҳәттеки ең шетки аймақларда да зәрүр билимлерди алыў имканиятын береди. Бул мийнет мобильлиги моделин түп-тийкарынан өзгертеди ҳәм оны шөлкемлестириўди сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығады.
Усы мүнәсибет пенен биз Инсан капиталын раўажландырыў биргеликтеги онлайн-платформасын жаратыўды усыныс етемиз. Оның ўазыйпасы – билимлендириў, кәсиплик таярлық ҳәм мийнет базарын өз-ара байланыстырыўдан ибарат.
Бул системада билимлендириў бағдарламалары, тил үйретиў ҳәм мәлимлеме технологиялары курслары, жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм жумыс бериўшилер менен байланысыў имканиятлары бирлестирилиўи мүмкин.
Жаслар ушын бул жаңа экономикаға қарай анық бағдар болады. Бизнес ушын таяр кадрлар базасынан пайдаланыў имканияты болып табылады. Университетлер ҳәм колледжлер ушын базардың реал талабы менен байланыс қуралы есапланады. Өзбекстан ҳәм Россия ушын болса ең жоқары қәдирият болған инсанларға узақ мүддетли инвестиция болып есапланады.
Егер ҳүрметли Владимир Владимирович бул басламаны қоллап-қуўатласа, тараў ведомстволарымызға бундай платформаны мүмкин болғанынша тезирек иске қосыў ўазыйпасын тапсырамыз.
Бирге ислесиўимиздиң гуманитарлық тийкары сыпатында туризмди айрықша атап өтиўди қәлер едим. Бул тармақ исеним экономикасын ҳәммеден де жақсырақ қәлиплестиреди.
Адамлар Өзбекстанға келер екен, тек ғана тарийхый естеликлер ҳәм қалаларды емес, ал мәдениятты, миймандослық, исбилерменлик орталығы ҳәм бизнес ушын имканиятларды да көреди. 2025-жылы мәмлекетимизде дерлик бир миллион россиялы мийман болды, быйыл болса биз және де көбирек туристти қабыл етиўге таярмыз. Буның ушын тек ғана туристлик инфраструктураны емес, ал креативлик экономиканы да раўажландырып атырмыз. 2030-жылға барып, оның жалпы ишки өнимдеги үлеси 5 процентти қурайды. Бул болса усы дөретиўшилик тараўды экономикалық өсиўдиң драйверлеринен бирине айландырады.
Бирге ислесиўимиздиң мәдений-гуманитарлық бағдарын беккемлеў мақсетинде “Самарқандтан Петербургқа шекем” креатив-туристлик коридор жойбарын иске қосыўды усыныс етемиз. Бул баслама көркем өнер ҳәм кино фестивальлары, музей көргизбелери, гастрономия ҳәптеликлери ҳәм музыкалық илажларды биргеликте шөлкемлестириўди нәзерде тутады.
Күни кеше Мариинский театры ҳәм “Эрмитаж” мәмлекетлик музейинде Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем өнерине байланыслы жойбарлар басланды.
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
2026-жыл мәмлекетимиз ушын айрықша әҳмийетке ийе. Биз системалы реформалардың әҳмийетли шеклерине жақынласпақтамыз. Буннан он жыл алдын ашық-айдынлық, инклюзивлик ҳәм прагматизмге сүйенген ҳалда, Жаңа Өзбекстанды қурыўды баслаған едик. Өткен дәўирде узақ мүддетли өсиў ушын беккем тийкар – қолайлы исбилерменлик орталығы, турақлы санаат базасы ҳәм жаңа инфраструктура жаратылды.
Экономикамыздың көлеми 50 миллиард доллардан 147 миллиард долларға артты, быйыл болса 8 проценттен жоқары өсиўди болжамақтамыз. Реформалар басланғанынан берли мәмлекетимизге 150 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициялары тартылды, мыңлаған заманагөй кәрханалар иске қосылды. Товар ҳәм хызметлер экспорты дерлик 3 есеге артты.
Өзбекстан ҳәзирги глобаллық турақсызлық шараятында да турақлы өсиў динамикасын көрсетпекте. Экономикамыз және де көп тәреплемели болып бармақта, ишки базар кеңеймекте, заманагөй технологиялар, инфраструктура ҳәм сапалы жумыс орынларына талап артпақта.
Жас, белсенди ҳәм тез өсип атырған халық Өзбекстанның әҳмийетли абзаллықларынан бири болып есапланады. Бул исбилерменлик, технологиялар, сервислер ҳәм санаатты раўажландырыўдың узақ мүддетли базасы болып есапланады.
Бирақ демографиялық өсиў өз-өзинен табысты кепиллемейди. Бул потенциалды күшли интеллектуаллық ресурсқа – компетенцияларға, өнимдарлыққа, жоқары қосымша қунлы өнимлер ҳәм технологиялар жаратыў қәбилетине айландырыўымыз керек.
Биз реформаларымыздың дәслепки дәўиринен-ақ базар нәтийжелилиги ҳәм социаллық жуўапкершиликти үйлестириўге ҳәрекет етип келмектемиз. Өзбекстанның экономикалық раўажланыў моделиниң өзине тәнлиги мине усы тәрепи менен белгиленеди. Өсиў тек ғана тез пәтлерде емес, ал турақлы, инклюзив ҳәм адамлардың турмыс сапасын арттырыўға бағдарланған болыўы керек.
Тек ғана соңғы 5 жылда халықтың улыўма дәраматлары 2,5 есеге артты. Биз ушын тийкарғы норма бул жоқары турмыс сапасы, инсан қәдири ҳәм ҳәр бир адамның потенциалын жүзеге шығарыў болып есапланады.
“Өзбекстан – 2030” стратегиясы мине усы мақсетке ерисиўге хызмет етеди. Усы дәўирге шекем биз халықтың дәраматларын орташадан жоқары дәрежеге көтериў, барлық тараўларды технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериў, экономика көлемин және бир ярым есеге – 240 миллиард доллардан асламға арттырыў нийетиндемиз.
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Өзбекстанда глобаллық инвестициялар ушын барлық шараятлар избе-из қәлиплестирилмекте. Қолайлы исбилерменлик орталығы жаратылмақта, базар институтлары жетилистирилмекте, бәсеки дәрежеси ҳәм өндирислик потенциал артпақта.
Бул форумда қатнасып атырған инвесторларды жоқары қосымша қунға ийе жаңа санаат шынжырларын жаратыўға мирәт етемиз.
Компетенцияларды, өндирис ҳәм қолланбаларды терең локализациялаў, сондай-ақ, заманагөй инжиниринг ҳәм жаңа экспорт бағдарларын раўажландырыў бизиң тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады. Бул бүгинги күнде санаат усылында қайта ислеў, агротехнологиялар, биохимия, робототехника, санлы шешимлер ҳәм жасалма интеллект сыяқлы жаңа экономика қәлиплесип атырған тараўларда айрықша әҳмийетке ийе.
Энергетика, авиация, билимлендириў, геология ҳәм басқа да көплеген тараўларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принципи түринде әмелге асырылып атырған жойбарларда биз бирге ислесиў ушын үлкен потенциалды көрмектемиз.
Мәпдар шериклеримизге тек ғана өсип баратырған ишки базарымыз емес, ал қоңсы мәмлекетлер ҳәм регионларға тиккелей шығыў имканиятын да усыныс етемиз.
Әзиз дослар!
Өзбекстан глобаллық исбилерменлер жәмийетшилиги ушын исенимли ҳәм турақлы мәмлекет болып есапланады. Экономикамыздың жоқары дәрежеде ашық-айдынлыққа қарай ҳәрекет етип атырғаны жетекши рейтинг агентликлери тәрепинен қалыс тастыйықланбақта. Тек ғана усы жылдың өзинде мәмлекетимиз Экономикалық еркинлик индексинде және 14 текше жоқары көтерилди.
Соңғы жыллары биз халықаралық базарларға 16 миллиард долларлық суверен ҳәм корпоративлик облигацияларды жайластырдық. Өткен айда Лондон фонд биржасында ең ири мәмлекетлик компаниялардың активлерин бирлестирген Өзбекстан Миллий инвестиция фондының акциялары биринши мәрте ғалабалық саўдаға шығарылды.
Капитал базарын буннан былай да раўажландырыў, турақлы финанслық ҳәм инвестициялық платформаны қәлиплестириў мақсетинде ең жақсы стандартлар тийкарында ислейтуғын Ташкент халықаралық финанс орайын шөлкемлестириўге киристик. Орайдың арнаўлы ҳуқықый статусқа ҳәм салық жеңилликлерине ийе екени инвесторларға бизнес жүргизиў ушын қолайлы қурал ҳәм исенимли кепилликлерди береди.
Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизди 16-18-июнь күнлери болып өтетуғын Ташкент халықаралық инвестиция форумына мирәт етемен. Бул әнжуман шеңберинде Жаңа Өзбекстанның жаңа имканиятлары ҳәм перспективалары менен тиккелей танысыў мүмкин болады.
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Әлбетте, бүгинги форумның “Прагматикалық сөйлесиў – турақлы келешекке қарай жол” деген сүрени рәмзий мәниге ийе. Ҳақыйқатында да, ашық ҳәм өз-ара ҳүрметке тийкарланған сөйлесиў ҳәзирги күнде турақлы раўажланыўдың тийкарғы шәртине айланбақта. Исеним, бирге ислесиўге таярлық ҳәм биргеликте шешим излеўге умтылыў бар жерде жаңа имканиятлар пайда болады. Өзбекстан ҳәм Россия шериклиги бундай бирге ислесиўдиң айқын үлгиси болып есапланады.
Россия Федерациясы Президенти, ҳүрметли Владимир Владимирович Путинге усы кең көлемли халықаралық форумға мирәт еткени ҳәм Жаңа Өзбекстанды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын усыныў имканиятын жаратқаны ушын және бир мәрте шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Сөзимниң жуўмағында барлық қатнасыўшыларға нәтийжели жумыс алып барыўын ҳәм қызықлы пикир алысыўын тилеймен.