Өзбекстан – Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының жаңа басқышы

112

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине бола 4-5-июнь күнлери әмелий сапар менен Санкт-Петербург қаласында болды.

Мәмлекетимиз басшысы 5-июнь күни Санкт-Петербург қаласында болып өткен 29-Петербург халықаралық экономикалық форумының жалпы мәжилисине қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Танзания Президенти Самия Сулуҳу Ҳасан ҳәм Қытай Халық Республикасы Баслығының орынбасары Хан Чжэн де илаждың тийкарғы спикерлери сыпатында шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында илаж қатнасыўшыларын қызғын қутлықлап, Өзбекстан менен тарийх, руўхый жақынлық ҳәм инсаный тәғдирлер арқалы байланысқан Санкт-Петербург қаласына және бир мәрте сапар етиў имканияты ушын миннетдаршылық билдирди.

Транспорт жөнелислериниң өзгериўи, жаңа өндирис шынжырларының қәлиплесиўи, заманагөй технологиялық платформалардың пайда болыўы ҳәм жасалма интеллекттиң кеңнен енгизилиўи менен дүньяда жүз берип атырған терең трансформация процесслерине баҳа берилди.

– Бәсеки тек ғана базарлар ҳәм тәбийий ресурслар ушын гүресте көринип қоймастан, ал технологиялар, логистика ҳәм инфраструктура тараўларында да оның тәсири сезилмекте, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз жетекшисиниң атап өткениндей, бүгинги шараятта бирлестириўши роль атқаратуғын ҳәм өз әтирапында кооперация, турақлылық ҳәм өз-ара мәпдарлық мәканын қәлиплестириўге уқыплы болған мәмлекетлер ҳәм регионлардың әҳмийети артып бармақта.

– Өзбекстан мың жыллар даўамында Уллы жипек жолының жүреги болып келген. Самарқанд, Бухара ҳәм Ташкент арқалы тек ғана өнимлер тасылмаған, ал идеялар ҳәм билимлер, мәдений ҳәм диний дәстүрлер бир-бирин өз-ара байытып келген. Соның ушын да ашық-айдынлық биз ушын бәрқулла таңлаў емес, ал турмыслық зәрүрлик ҳәм цивилизация коды есапланған,  – деди Өзбекстан Президенти.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан – Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының тийкарғы бағдарларын таллап, саўда-экономикалық бирге ислесиў, аймақлараралық байланыслар, санаат кооперациясы ҳәм энергетика тараўындағы шериклик сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгенин айрықша атап өтти.

Өзбекстан ҳәм Россияның технологиялық ҳәм санаат кооперациясын және де кеңейтиў мақсетинде бирден-бир санлы платформа менен бирлестирилген өндирис кластерлери системасы – “Евразия технологиялық санаатластырыў белбеўи”н шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.

Жумыс орынларын жаратыўға, логистика, төлем хызметлери ҳәм жаңа експорт имканиятларының раўажланыўына хызмет ететуғын санластырыў тараўы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдары сыпатында белгиленди.

Санлы саўда ҳәм қала сервислерин тәртипке салыў қағыйдаларын жақынластырыў, Өзбекстан ҳәм Россия брендлерин биргеликтеги платформаларда алға қойыў, жасалма интеллект тийкарында өнимлерди раўажландырыўды өз ишине алған биргеликтеги Санлы экосистеманы қәлиплестириўге кирисиў усыныс етилди.

Өзбекстан дүньяның жаслары ең көп мәмлекетлерден бири екенин есапқа алып, ўазыйпасы билимлендириў, кәсиплик таярлық ҳәм мийнет базарын өз-ара байланыстырыўдан ибарат болған Инсан капиталын раўажландырыў биргеликтеги онлайн-платформасын жаратыў басламасы алға қойылды.

Бирге ислесиўдиң мәдений-гуманитарлық бағдарын буннан былай да беккемлеў мақсетинде “Самарқандтан Петербургқа шекем” креатив-туристлик коридор жойбарын иске қосыў да усыныс етилди. Бул баслама көркем өнер ҳәм кино фестиваллары, музей көргизбелери, гастрономия ҳәптеликлери ҳәм музыкалық илажларды биргеликте шөлкемлестириўди нәзерде тутады.

Экономикалық тараўда әмелге асырылып атырған системалы реформалардың әҳмийетли нәтийжелерине айрықша тоқтап өтилди.

– Буннан он жыл алдын ашық-айдынлық, инклюзивлик ҳәм прагматизмге сүйенген ҳалда Жаңа Өзбекстанды қурыўды баслаған едик. Өткен дәўирде узақ мүддетли өсим ушын беккем тийкар – қолайлы исбилерменлик орталығы, турақлы санаат базасы ҳәм жаңа инфраструктура жаратылды,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Жас, белсенди ҳәм тез өсип атырған халық Өзбекстанның тийкарғы абзаллықларынан бири болып, исбилерменлик, технологиялар, сервислер ҳәм санаатты раўажландырыўдың узақ мүддетли тийкары екени атап өтилди.

Соның менен бирге, ерисилип атырған өсим тек ғана жедел емес, ал турақлы, инклюзив ҳәм адамлардың турмыс сапасын арттырыўға бағдарланған болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў, базар институтларын жетилистириў, бәсеки дәрежесин арттырыў ҳәм өндирис потенциалын кеңейтиў арқалы глобаллық инвестицияларды тартыў ушын шараятлар избе-из қәлиплестирилип атырғаны билдирилди.

Форум қатнасыўшылары шөлкемлестирилип атырған Ташкент халықаралық финанс орайына берилген арнаўлы ҳуқықый статус ҳәм салық жеңилликлери имканиятларынан пайдаланыўға, сондай-ақ, усы жылдың 16-18-июнь күнлери болып өтетуғын Ташкент халықаралық инвестиция форумына қатнасыўға мирәт етилди.

Жуўмағында мәмлекетимиз басшысы ашық ҳәм өз-ара ҳүрметке тийкарланған сөйлесиў ҳәзирги күнде турақлы раўажланыўдың тийкарғы шәрти болып атырғанын, исеним, бирге ислесиўге таярлық көриў ҳәм биргеликте шешим излеўге умтылыў бар жерде жаңа имканиятлар пайда болатуғынын және бир мәрте атап өтти.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясына әмелий сапары жуўмақланды.

 

ӨзА