Салтанатлы сыйлықлаў мәресими жоқары дәрежеде өткерилди

Усы жылдың 29-май сәнесинен 4-июнь сәнесине шекем республикамызда “Жаслар айлығы” шеңберинде шөлкемлестирилген “Жаслар ҳаўазы – Бозатаў ФЕСТ” республикалық таңлаўының финал басқышы беллесиўлери болып өтти.
Усы күнлер ишинде мыңлаған қатнасыўшылар арасынан таңлап алынған ең сайланды қәбилет ийелери өзлериниң бар шеберликлерин иске қосып, төрешилер қурамы ҳәм тамашагөйлер итибарына бийтәкирар атқарыўларын усынды.
Бизге белгили, бул ири жойбар Мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында берген тапсырмасы ҳәм кеңейтилген түрде өткерилген мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы тийкарында турмысқа енгизилген. Таңлаў 2021-жылдан баслап Жаслар ислери агентлиги, Мәденият министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы тәрепинен дәстүрий түрде жоқары дәрежеде өткерилип келинбекте. Системалы түрде район (қала)лық, аймақлық ҳәм республикалық басқышлардан ибарат болған бул таңлаў көркем өнердиң 4 тийкарғы бағдарын – бақсышылық, дәстүрий атқарыў, опера ҳәм естрада бағдарларын қамтып алады. Беллесиўлердиң әдил өтиўи ушын қатнасыўшылар 3 жас категориясы (10-15 жас, 16-22 жас ҳәм 23-30 жас) шеңберинде өз-ара беллести.
Жас талант ийелерин мүнәсип хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў мақсетинде усы жылы таңлаўдың улыўма сыйлық қоры 2,5 миллиард сум етип белгиленди.
Нөкис қаласында «Жаслар ҳаўазы – Бозатаў Фест» фестивалының сыйлықлаў мәресими ҳәм гала-концерт бағдарламасы өткерилди.
Өткерилген салтанатлы сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, фестивальда мүнәсип қатнасқан ҳәм жоқары нәтийжелерди қолға киргизген жасларды қызғын қутлықлады.
Буннан соң барлық бағдарлар бойынша жеңимпаз болып, өз жөнелисинде жеңимпаз деп табылғанлардан биринши орын ийелерине 50 миллион сум, екинши орынларға 30 миллион сум, үшинши орынларға 20 миллион сум пул сыйлығы тапсырылды.

Сондай-ақ, республикалық басқыштың басқа барлық қатнасыўшылары 10 миллион сумнан сыйлықланды.
Көркем өнер шеберлериниң, белгили эстрада қосықшыларының ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы, салютлар шоусы қатнасыўшылар менен мийманларда айрықша тәсир қалдырды.
Бозатаў шын мәнисинде жаңа талантларды жүзеге шығарды десек алжаспаған боламыз.
Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги директоры А.Саъдуллаев қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги