Өзбекстанда АЭСтиң биринши энергия блогының қурылысына старт берилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине бола 4-июнь күни әмелий сапар менен Санкт-Петербург қаласына келди.
“Пулково” халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының биринши орынбасары Денис Мантуров, қала ҳәкими Александр Беглов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Санкт-Петербург қаласына әмелий сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң ушырасыўы болып өтти.
Өзбекстан – Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Саўда-экономикалық бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жыл басынан берли товар алмасыўдың көлеми 20 процентке артты.
Санаат, энергетика, металлургия, транспорт, химия санааты ҳәм экономиканың басқа да тийкарғы тармақларында ири жойбарларды әмелге асырыў даўам етпекте.
Товар алмасыўдағы ҳәзирги пәтлерди сақлап қалыў, кооперация жойбарларын жеделлестириў ҳәм аймақлар дәрежесиндеги жедел байланысларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўларды буннан былай да кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Усы күнлерде Мариинск театрында Георг Фридрих Генделдиң “Тамерлано” операсының премьерасы болып өткени ҳәм “Эрмитаж” мәмлекетлик музейинде Өзбекстан әмелий көркем өнери көргизбеси ашылғаны атап өтилди.
Жетекшилер болажақ илажлардың режесин де додалады.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин Өзбекстанда интеграцияласқан атом электр станциясының биринши энергия блогын қурыў жумысларына старт берди.
Мәресимде телекөпир арқалы Халықаралық атом энергиясы агентлиги (ХАЭА) бас директоры Рафаэль Гросси де қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы Владимир Путин ҳәм Рафаэль Гроссиге усы жойбардың әмелге асырылыўын жеке өзи қоллап-қуўатлағаны ҳәм көрсетилген итибар ушын миннетдаршылық билдирди. Елимизде биринши атом электр станциясын қурыўда қатнасып атырған Өзбекстан ҳәм Россия қәнигелерине биргеликтеги ҳәрекетлер ҳәм жоқары профессионаллық ушын айрықша миннетдаршылық билдирилди.
Бул жойбардың әмелге асырылыўы Өзбекстанның технологиялық, индустриаллық ҳәм илимий раўажланыўында жаңа басқышты баслап берип, жаңа тармақ – атом энергетикасын раўажландырыў ушын тийкар жарататуғыны атап өтилди. Жойбар киши модулли атом генерациясы ҳәм ири көлемли энергетика тараўындағы ең соңғы жетискенликлерди өзинде жәмлеген.
Өзбекстан жетекшиси қәўипсизлик жойбардың пүткил ҳәм сөзсиз шәрти екенин айрықша атап өтти. Станцияны қурыў ҳәм оны эксплуатацияға таярлаў жумыслары ең заманагөй халықаралық стандартлар, алдынғы инженерлик шешимлер тийкарында ҳәм Халықаралық атом энергиясы агентлигиниң турақлы қадағалаўы астында орынланбақта.
Бул үлкен жойбардың әмелге асырылыўы ҳәм оның нәтийжелери Өзбекстан – Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирилди.
5-июнь күни мәмлекетимиз басшысы 29-Петербург халықаралық экономикалық форумының тийкарғы илажларында қатнасыўы нәзерде тутылған.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясына әмелий сапары даўам етпекте.
ӨзА