Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Амин Ҳамраевич Тажиевтиң қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў

Пүткил өмири ҳәм мийнет жолын мәмлекетимиздиң аўыл хожалығы тараўын раўажландырыўға бағышлаған белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, мийнет ветераны Амин Ҳамраевич Тажиев 2026-жыл 4-июнь күни 79 жасында қайтыс болды.
А.Тажиев 1947-жылы 12-апрельде Төрткүл районында туўылды. Орта мектепти тамамлаганнан соң Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты (ҳәзирги Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты миллий изертлеў университети) инженер-механик қәнигелиги бойынша тамамлады. Мийнет жолын 1968-жылы Төрткүл районындағы Әл-Хорезмий атындағы колхоздың техника қәўипсизлиги инженери болып ислеўден баслады. Кейин ала Төрткүл, Еликқала, Әмиўдәрья районларында басшылық лаўазымларында иследи.
Үлкен шөлкемлестириўшилик қәбилетине ийе болған А.Тажиев Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, аўыл хожалығы министри, Тоғай хожалығы басқармасының баслығы, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик агросанаат комитети баслығының биринши орынбасары сыяқлы жуўапкершиликли лаўазымларда пидәкерлик пенен мийнет етти.
А.Тажиев өзиниң 50 жылдан аслам мийнет жолы даўамында Аралбойы регионындағы қыйын шараятта аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў, инфраструктура тармақларын жаратыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша көплеген жумысларды әмелге асырды.
Атап айтқанда, суў жетиспеўшилигин сапластырыў мақсетинде “Түйемойын – Нөкис – Тахтакөпир” суўғарыў тармағын ҳәм көплеген социаллық ҳәм мәдений объектлерди қурыўда жанкүйерлик көрсетти.
Ол пенсияға шыққаннан кейин де Қарақалпақстан Республикасының жәмийетлик турмысында белсене қатнасып, экологиялық орталықты жақсылаў, халық ушын қолайлы шараятлар жаратыў, кең көлемли қурылыс, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын алып барыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыў, кексе әўладтың мәплерин қорғаў, жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўға өзиниң бай турмыслық билим ҳәм тәжирийбесин бағышлады.
А.Тажиевтиң мәмлекетимизди раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол “Эл-юрт ҳурмати,” “Дўстлик” ҳәм “Меҳнат шуҳрати” орденлери, “Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген механизатор” ҳүрметли атағы менен сыйлықланған еди.
Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, жаслардың меҳрийбан устазы, ҳақ кеўил ҳәм кишипейил инсан Амин Ҳамраевич Тажиевтиң естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.
Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,
А.Арипов, А.Орынбаев, Ф.Эрмонов, С.Турдиев
ӨзА